Нехемия 1 bob

Нехемияның дуўасы(1-11). 

1 Хахалия улы Нехемияның сөзлери: Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылының Кислеў айында мен Суза қорған қаласында едим.
2 Сонда туўысқанларымнан бири Хананий айырым адамлар менен бирге Яҳудадан келди. Мен олардан сүргиннен қутылып қалып, тири қалған яҳудийлер ҳәм Ерусалим қаласы туўралы сорадым.
3 Олар маған сүргиннен қутылып қалып, Яҳуда ўәлаятында тири қалғанлардың қатты қыйыншылық ҳәм шерменделик аўҳалда қалғаны, Ерусалим дийўалларының ўайран етилип, дәрўазаларының өртеп жиберилгени туўралы айтып берди.
4 Бул сөзлерди еситкенимде, отырып жыладым. Бир неше күн қайғыға батып жүрдим, ораза тутып, аспанның Қудайына былай деп дуўа еттим:
5 «О, аспанның Қудайы Жаратқан Ийе! Сен уллы ҳәм айбатлы Қудайсаң! Сен Өзиңди сүйгенлер ҳәм буйрықларыңды орынлағанлар менен дүзген келисимиңе садық қаласаң.
6 Қулыңның дуўасын еситиў ушын қулақларың түриўли, көзлериң ашық болғай. Енди Сениң алдыңда қулларың болған Израил халқы ушын күни-түни дуўа етип, олардың гүналары ушын тәўбе қыламан. Аўа, бизлер Сениң алдыңда гүна иследик, мен де, мениң әкемниң үй-иши де гүна иследи.
7 Бизлер Сениң алдыңда қатты жеркенишли ислерди иследик. Сениң қулың Муўсаға берген буйрықларыңа, қағыйдалар ҳәм нызамларыңа бойсынбадық.
8 Енди қулың Муўсаға берген мына сөзлериңди есиңе ала гөр: „Егер сизлер Маған опасызлық етсеңиз, Мен сизлерди халықлар арасына шашып жиберемен.
9 Бирақ Маған қайтып келсеңиз ҳәм буйрықларыма бойсынып, оларды орынласаңыз, жердиң ең шетине қуўғын қылынған болсаңыз да, сизлерди ол жерден жыйнап аламан. Атымды уллылаў ушын, таңлап алған жерге сизлерди алып келемен“.
10 Израил халқы – Сениң қулларың ҳәм Өз халқың. Уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен оларды азат еткенсең.
11 О, Ийем! Қулың болған мениң дуўама ҳәм Сениң атыңды ҳүрмет қылыўдан заўықланатуғын қулларыңның дуўасына қулақ түре гөр. Бүгин маған әўмет берип, патшада маған деген реҳим оята гөр». Сол ўақытлары мен патшаның шарап қуйыўшысы едим.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.