Нехемия 11 bob

Ерусалим турғынлары(1-24). Ерусалимниң сыртындағылар(25-36). 

1 Халық басшылары мухаддес қала Ерусалимде қалып, сол жерге орналасты. Халықтың оннан бириниң мухаддес қалаға, Ерусалимге келип жасаўы ушын шек тасланды. Ал қалған тоғыз бөлеги өз қалаларында қалды.
2 Және Ерусалимде жасап қалыўды қәлегенлердиң ҳәммесине халық пәтия берди.
3 Деген менен, базы израиллылар, руўханийлер, лебийлилер, Ибадатхана хызметшилери, Сулайманның хызметшилериниң урпағынан болғанлар өз ийеликлеринде, Яҳуда қалаларында жасады. Ерусалимде жасайтуғын ўәлаят басшылары мыналар еди:
4 Яҳуда ҳәм Бенямин урпақларынан базылары Ерусалимге орналасты. Яҳуда урпақларынан: Перес нәсилинен Атая. Атая Уззия улы, Уззия Зехария улы, Зехария Амария улы, Амария Шефатия улы, Шефатия Маҳалалел улы еди.
5 Шела нәсилинен Маасея. Маасея Барух улы, Барух Кол-Хозе улы, Кол-Хозе Хазая улы, Хазая Адая улы, Адая Иояриб улы, Иояриб Зехария улы еди.
6 Перес урпақларынан 468 адам Ерусалимге орналасты. Олар батыр жаўынгерлер еди.
7 Бенямин урпағынан: Мешуллам улы Саллу. Мешуллам Иоед улы, Иоед Педая улы, Педая Қолая улы, Қолая Маасея улы, Маасея Итиел улы, Итиел Ешая улы еди.
8 Саллуға Габбай ҳәм Саллай қосылып, ҳәммеси болып 928 адам болды.
9 Зихрий улы Иоел оларға басшылық етти, ал Ҳассенуа улы Яҳуда қалада Иоелден кейинги екинши басшы еди.
10 Руўханийлерден: Иояриб улы Едая, Яхин,
11 Қудайдың Ибадатханасының бас хызметшиси Серая. Серая Хилкия улы, Хилкия Мешуллам улы, Мешуллам Садоқ улы, Садоқ Мерайот улы, Мерайот Ахитуб улы еди.
12 Олардың Қудайдың Ибадатханасында хызмет ететуғын туўысқанларының саны 822 адам; Ерохам улы Адая. Ерохам Пелалия улы, Пелалия Амсий улы, Амсий Зехария улы, Зехария Пашхур улы, Пашхур Малкия улы еди.
13 Адаяның әўлад басшылары болған туўысқанлары барлығы болып 242 адам; Азарел улы Амашсай. Азарел Ахзай улы, Ахзай Мешиллемот улы, Мешиллемот Иммер улы еди.
14 Амашсайдың батыр жаўынгер болған туўысқанлары 128 адам. Олардың басшысы Ҳаггедолим улы Забдиел еди.
15 Лебийлилерден: Хашшуб улы Шемая. Хашшуб Азриқам улы, Азриқам Хашабия улы, Хашабия Бунний улы еди.
16 Лебийлилердиң басшыларынан Шаббетай ҳәм Иозабад. Олар Қудайдың Ибадатханасының сыртқы ислери менен шуғылланатуғын еди.
17 Миха улы Маттания тәрийиплеў дуўасын алып барыўшы бас жетекши еди. Миха Забдий улы, Забдий Асаф улы еди. Маттанияның туўысқанларынан бири Бақбуқыя оннан кейинги екинши дәрежели хызметши еди. Және де, Шаммуа улы Абда да бар еди. Шаммуа Галал улы, Галал Едутун улы еди.
18 Мухаддес қалада жасайтуғын лебийлилер барлығы болып 284 адам еди.
19 Дәрўаза қараўыллары: Дәрўазаларда Аққуб, Талмон ҳәм олардың туўысқанлары нәўбетшилик ететуғын еди. Олар ҳәммеси болып 172 адам еди.
20 Израиллылардың, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң қалғанлары Яҳуданың барлық қалалары бойлап, өз үлесине тийген жерде жасады.
21 Ибадатхана хызметшилери Офел төбешигинде жасады. Оларды Сиха менен Гишпа басқарды.
22 Лебийлилердиң Ерусалимдеги басшысы Баний улы Уззий болып, Баний Хашабия улы, Хашабия Маттания улы, Маттания Миха улы еди. Уззий Қудайдың Ибадатханасында қосық айтыў хызметин атқарып келген Асафтың урпақларынан еди.
23 Патшаның қосықшыларға берген айрықша пәрманы бар еди. Қосықшыларға ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда қаржы ажыратылған еди.
24 Яҳуда улы Зерах урпақларынан Мешезабел улы Петахия Израил халқына байланыслы барлық ислерде Персия патшасының кеңесшиси болды.
25 Яҳуда урыўының айырым адамлары өз атызларына жақын жердеги қалаларда жасап қалды. Олар: Кирят-Арбада ҳәм оған тийисли аўылларда, Дибонда ҳәм оған тийисли аўылларда, Еқабсеелде ҳәм оған тийисли аўылларда,
26 Ешуада, Моладада, Бейт-Пелетте,
27 Хасар-Шуалда, Беер-Шебада ҳәм оған тийисли аўылларда,
28 Сиклагта, Мехонада ҳәм оған тийисли аўылларда,
29 Эн-Риммонда, Сорада, Ярмутта,
30 Заноахда, Адулламда ҳәм оған тийисли аўылларда, Лахиште ҳәм оған тийисли атызларда, Азеқада ҳәм оған тийисли аўылларда жасап қалды. Олар Беер-Шебадан Ҳинном ойпатлығына шекемги жерлерге орналасты.
31 Бенямин урпақлары Геба, Михмас, Айя, Бейт-Эл ҳәм оның әтирапындағы аўылларда,
32 Анатот, Ноб, Анания,
33 Хасор, Рама, Гиттайым,
34 Хадид, Себоим, Небаллат,
35 Лод, Оно ҳәм Өнерментшилер ойпатлығында жасады.
36 Яҳуда жеринен келген лебийлилердиң айырым топарлары беняминлилер арасына орналасты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.