Нехемия 3 bob

Дийўалдың тиклениўи(1-32). 

1 Соннан соң, бас руўханий Эляшиб ҳәм оның руўханий туўысқанлары иске кирисип, Қой дәрўазасын қайта қурды. Олар дәрўазаны бағышлаў рәсиминен өткерип, қапыларын орнына қурды. Жүзлик минарасына дейинги дийўалларды тиклеп, оны бағышлаў рәсиминен өткерди. Және де, олар Хананел минарасына шекемги дийўалларды да тикледи.
2 Ерихолылар оннан кейинги бөлегин, ал оннан кейинги бөлекти Имрий улы Заккур қурды.
3 Балық дәрўазасын Ҳассенаның уллары қурды. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты.
4 Оннан кейинги бөлекте Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетиў ислерин алып барды. Оннан кейинги бөлекти Мешезабелдиң ақлығы Берехияның улы Мешуллам, ал оннан кейинги бөлекти Баана улы Садоқ дүзетти.
5 Олардан кейинги бөлекти теқоалылар дүзетти. Бирақ олардың ақсүйеклери өз қадағалаўшыларының буйрығын орынлаў ушын қәддин бүкпеди.
6 Ешана дәрўазасын Пасеах улы Иояда ҳәм Бесодия улы Мешуллам дүзетти. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты.
7 Олардан кейинги бөлекти гибонлы Мелатия ҳәм меронотлы Ядон дәрьяның арғы жағындағы ҳәкимниң қол астындағы Гибон ҳәм Миспа турғынлары менен бирге дүзетти.
8 Олардан кейинги бөлекти зергер Харҳая улы Уззиел, ал оннан кейинги бөлекти хош ийисли затлар таярлаўшы Ханания дүзетти. Олар Ерусалим дийўалларының Кең дийўалға дейинги аралығын қайта тикледи.
9 Олардың жанындағы бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хур улы Рефая дүзетти.
10 Олардан кейинги бөлекти, өз үйиниң қарама-қарсысын Харумаф улы Едая, ал оннан кейинги бөлекти Хашабния улы Хаттуш дүзетти.
11 Харим улы Малкия менен Пахат-Моаб улы Хашшуб басқа бир бөлекти ҳәм Тандырлар минарасын дүзетти.
12 Кейинги бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Ҳаллохеш улы Шаллум өз қызлары менен бирге дүзетти.
13 Ханун ҳәм Заноах турғынлары Ойпатлық дәрўазасын дүзетти. Олар дәрўаза бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Және де, олар дийўалдың Тезек дәрўазасына шекемги мың шығанақ аралығын дүзетти.
14 Ал Тезек дәрўазасын Бейт-Ҳаккерем үлкесиниң басқарыўшысы Рехаб улы Малкия дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты.
15 Булақ дәрўазасын Миспа үлкесиниң басқарыўшысы Кол-Хозе улы Шаллун дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, үстин жаўды, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Ол патша бағының қасындағы Шелах ҳаўызының дийўалын да Даўыттың қаласынан төменге түсетуғын текшеге шекем дүзетти.
16 Оның жанындағы бөлекти, яғный Даўыттың мазарының қарама-қарсысына шекемги орыннан ҳаўызға ҳәм Батырлар үйине дейинги аралықты Бейт-Сур үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Азбуқ улы Нехемия дүзетти.
17 Оның жанындағы бөлекти Баний улы Рехумның басшылығында лебийлилер дүзетти. Оннан кейинги бөлекте Кеила үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хашабия өз үлкеси атынан дүзетиў ислерин алып барды.
18 Оннан кейинги бөлекти Хашабияның туўысқанлары Кеила үлкесиниң қалған ярымының басқарыўшысы Хенадад улы Биннуй басшылығында дүзетти.
19 Оннан кейин Миспаның басшысы Ешуа улы Эзер қурал-жарақ сақлаў бөлмесине көтерилетуғын жолдың алдынан дийўалдың мүйешине шекемги аралықты дүзетти.
20 Оннан кейин мүйештен баслап, бас руўханий Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзына дейинги аралықты Заббай улы Барух ықлас пенен дүзетти.
21 Оның жанындағы Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзынан баслап, оның үйиниң ақырына шекемги аралықты Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетти.
22 Оннан кейинги бөлекти дөгеректеги аймақлардан келген руўханийлер дүзетти.
23 Олардан кейин Бенямин ҳәм Хашшуб өз үйлериниң қарсы алдындағы бөлекти, ал олардан кейин Ананияның ақлығы Маасеяның улы Азария өз үйиниң жанындағы бөлекти дүзетти.
24 Оннан кейин Азарияның үйинен дийўалдың мүйешине ҳәм айланбасына шекемги аралықты Хенадад улы Биннуй дүзетти.
25 Мүйештиң ҳәм сақшылар ҳәўлисиндеги патшаның жоқарғы сарайына шығатуғын минараның қарсысын Узай улы Палал дүзетти. Оннан кейин Парош улы Педая.
26 Офел төбешигинде жасайтуғын Ибадатхана хызметшилери менен бирге шығыс тәрептеги Суў дәрўазасының қарсы алдына ҳәм Шығыңқы минарасына шекемги аралықты дүзетти.
27 Шығыңқы минарасының қарсысынан Офел төбешигиндеги дийўалға шекемги басқа бөлекти теқоалылар дүзетти.
28 Руўханийлер Ат дәрўазасының жоқарысын, ҳәр бири өз үйиниң қарсы алдын дүзетти.
29 Олардан кейин Иммер улы Садоқ өз үйиниң қарсысын, оннан кейинги бөлекти шығыстағы дәрўазаның қараўылы Шекания улы Шемая дүзетти.
30 Оннан кейинги басқа бир бөлекти Шелемия улы Ханания ҳәм Салафтың алтыншы улы Ханун дүзетти. Олардан кейин Берехия улы Мешуллам өз бөлмесиниң қарсы алдын дүзетти.
31 Оннан кейин Мифкад дәрўазасына қарсы турған Ибадатхана хызметшилери менен саўдагерлердиң үйине ҳәм мүйештеги жоқарғы бөлмеге шекемги аралықты зергер Малкия дүзетти.
32 Ал мүйештеги жоқарғы бөлмеден Қой дәрўазасына шекемги аралықты зергерлер ҳәм саўдагерлер дүзетти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.