Нехемия 6 bob
1 Дийўалларды қурып, бузылған жерлериниң бирде биреўин қалдырмай, толық оңлап болғаным Санбаллат, Тобия, араб халқынан болған Гешем ҳәм басқа душпанларымның қулағына жетип барды. Бирақ ол ўақытта, мен еле дәрўазалардың қапыларын орнатып болмаған едим.
2 Сонда Санбаллат пенен Гешем маған адам жиберип: «Оно тегислигиндеги аўыллардың биринде ушырасайық», – деди. Олар маған зыян келтириў нийетинде еди.
3 Сонлықтан мен де оларға хабаршылар жиберип: «Мен үлкен бир ис пенен бәнтпен. Сонлықтан бара алмайман. Не ушын мен исти таслап, сизлерге барыўым ҳәм жумысты тоқтатыўым керек?» – дедим.
4 Олар төрт мәрте сол хабарды жиберди, мен де төрт мәрте солай жуўап қайтардым.
5 Сонда бесинши рет Санбаллат маған өз хызметшисин жиберди. Оның қолында мөрленбеген ашық хат бар еди.
6 Хатта былай деп жазылған еди: «Басқа халықлар арасында хабарлар тараған, Гешем де буны тастыйықлайды. Сен ҳәм яҳудийлер қозғалаң көтериўди ойлап атырсызлар. Сол себептен сизлер дийўалларды қайта тиклеп атырған екенсиз. Усы хабарларға қарағанда, сен оларға патша болмақшы екенсең.
7 Және де, өзиң ҳаққында: „Яҳуданың өз патшасы бар!“ деп жәриялаўы ушын, сен пайғамбарларды да тайынлапсаң. Бул сөзлер, әлбетте, патшаның қулағына жетип барады. Сонлықтан кел, бирге кеңесип алайық».
8 Мен оған адам жиберип: «Айтқанларыңның ҳәммеси жалған, буларды сен өзиң ойлап шығарғансаң», – деп жуўап бердим.
9 Олардың ҳәммеси бизлерди қорқытпақшы болып: «Қолларын истен суўытсақ, ис тоқтайды», – деп ойлаған еди. Буған қарсы, мен Қудайдан қолларыма күш бериўин сорадым.
10 Бир күни мен Меҳетабелдиң ақлығы Делая улы Шемаяның үйине бардым. Ол үйине тығылып алған еди. Ол маған: – Кел, Қудайдың Үйинде, Ибадатхананың ишинде ушырасып, есиклерин тас қылып, илдирип алайық. Себеби олар сени өлтириў ушын кележақ, түнде сени өлтириўге келеди, – деди.
11 Бирақ мен оған: – Мен қашып кететуғын адамға уқсайман ба? Яки тири қалыў ушын, Ибадатханаға жасырынатуғын адамға уқсайман ба? Бармайман, – дедим.
12 Мен оны Қудайдың жибермегенин, бирақ оны Тобия менен Санбаллат параға сатып алғанлықтан, ол маған қарсы усындай жалған пайғамбаршылық сөзлерин айтқанын түсинип жеттим.
13 Олар мени қорқытыў ушын ҳәм қорққанымнан оның айтқанын қылып, гүна ислеўим ушын, Шемаяны жаллаған еди. Сонда мени жаманлап, абырайымды төгиў ушын себеп табылар еди.
14 Мен былай деп дуўа еттим: «Қудайым, Тобия менен Санбаллаттың ислеген ислерин умыта гөрме! Сондай-ақ мени қорқытпақшы болған пайғамбар ҳаял Ноадияны ҳәм басқа пайғамбарларды да есиңде сақлай гөр!»
15 Дийўал Элул айының жигирма бесинши сәнесинде*, елиў еки күнде питкерилди.
16 Барлық душпанларымыз бул ҳаққында еситкенде, әтирапымыздағы халықлардың ҳәммеси қорқып кетти ҳәм олардың қатты еңсеси түсти. Себеби олар бул истиң Қудайымыздың жәрдеминде исленгенин түсинди.
17 Буннан тысқары, сол күнлери Яҳуда ақсүйеклери Тобияға көп хатлар жазған болып, Тобиядан да оларға хатлар келип турды.
18 Тобия Арах улы Шеканияның күйеў баласы болғанлықтан ҳәм Тобияның улы Еҳоханан Берехия улы Мешулламның қызына үйленгенликтен, Яҳудадағы көп адамлар оның менен нан сындырысып, ант ишискен еди.
19 Ҳәтте, олар Тобияның жақсы ислери ҳаққында маған айтатуғын, мениң айтқанларымды да оған жеткерип туратуғын еди. Тобия да мени қорқытыў ушын хатлар жиберип туратуғын еди.