Аюп 11 bob

Софардың биринши сөзи(1-20). 

1 Сонда наамалы Софар былай деди:
2 – Сонша көп сөз жуўапсыз қала ма? Көп сөйлеген адам ақлана ма?
3 Мылжың гәплериң адамлардың тилин тыйып қойсын ба? Масқаралағаныңда, сени ҳеш ким уялтпасын ба?
4 Сен: «Тәлимим минсиз, Өзим де Қудайдың алдында пәкпен», – дейсең.
5 Қәне, енди Қудай жуўап берип, Саған қарсы тил қатып,
6 Даналықтың сырларын билдирсе еди! Себеби даналық көп қырлы ғой. Билип қой, Қудай гүналарыңның базыларын жеңил жазалайды.
7 Қудайдың терең сырларын түсине аласаң ба? Қүдирети күшли Қудайдың шегине жете аласаң ба?
8 Қудайдың даналығы аспаннан да бийик, сен не қыла аласаң? Өлилер мәканынан да терең, не биле аласаң?
9 Оның өлшеми жерден де узын, Теңизден де кең.
10 Егер Қудай келип, зинданға тасласа, Ҳүким етиў ушын шақырса, ким Оған тосқынлық қыла алады?
11 Ол өтирикшилерди биледи, Ол жаўызлықты көрип, оны итибарсыз қалдыра ма?
12 Қуланнан адам туўылмайтуғыны сыяқлы, Мийи жоқ адам да дана бола алмайды.
13 Бирақ, сен егер Оған жүрегиңди қайта бағышлап, Қолларыңды жайып, дуўа етсең,
14 Егер жаўызлық ислеген болсаң, оны өзиңнен узақластырсаң, Шатырыңнан наҳақлықты қуўып шығарсаң,
15 Сонда уялмастан басыңды көтерип, Қорқпастан тикке туратуғының сөзсиз.
16 Азабыңды умытып, Оны ағып кеткен суўлар киби ядқа аласаң.
17 Өмириң түстеги күнниң нурынан да жарық болар, Ондағы қараңғылық та таң нурына айланар.
18 Үмитиң болғанлықтан, арқайын боларсаң, Әтирапың қоршалғанлықтан, қәўипсиз дем аласаң.
19 Жатқаныңда, сени қорқытатуғын ҳеш ким болмайды, Көплер сеннен мийрим излеп келеди.
20 Бирақ залымлардың көзлери талып, Бас саўғалайтуғын жери де болмайды, Үмитлери тек соңғы демин бериў болып қалады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.