Аюп 12 bob

Аюптың жуўабы(1-25). 

1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Әлбетте, сизлер ҳәммесин билесиз, Даналық та сизлер менен бирге өлип кетсе керек!
3 Бирақ менде де сизлердегидей ақыл бар, Мен де сизлерден кем емеспен, Сизлер айтып атырғанларды ким билмейди?
4 Мен өз досларыма күлки болдым. Қудайды шақырғанымда, Ол маған бурын жуўап беретуғын еди. Әдил ҳәм минсиз болсам да, күлкиге қалып отырман!
5 Қайғысызлар бахытсызлыққа ушырағанды менсинбейди, Сүрниккенди ийтерип жибереди.
6 Қарақшылардың шатырында тынышлық ҳүким сүрген, Қудайдың ғәзебин келтиргенлер қәўип-қәтерсиз жасап атыр, Тап Қудай олардың қолында сыяқлы.
7 Бирақ ҳайўанатлардан сора, олар саған үйретеди, Көктеги қуслардан сора, олар саған айтып береди.
8 Жер менен сөйлес, ол саған тәлим береди, Теңиздеги балықлар саған билдиреди.
9 Олардың қайсысы билмес, Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң қолы менен исленгенин?
10 Ҳәр бир жаратылыстың өмири де, Ҳәр бир адамның жаны да Оның қолында.
11 Аўыз аўқаттың дәмин ажыратқанындай, Қулақ та сөзлердиң мәнисин айыра алмай ма?
12 Даналық жасы үлкенлерде болмай ма? Ақыл узақ өмир сүргенлерде болмай ма?
13 Бирақ Қудайда даналық та, күш те бар, Мәсләҳәт пенен ақыл да Оған тийисли.
14 Ол қулатқан нәрсе қайта тикленбейди, Ол қамаққа таслағанды, ҳеш ким босата алмайды.
15 Қудай суўларды тоқтатса, қурғақшылық болар, Егер жиберсе, дүньяны суў алар.
16 Күш-қуўат пенен жеңис те Оған тийисли, Алданған да, алдаған да Оның қолында.
17 Ол мәсләҳәтшилерди жалаңаяқ айдатып, Бийлерди ақмаққа айландырады.
18 Ол патшалардың сәнли белбеўлерин шешип алып, Беллерине арқан байлап қояды.
19 Руўханийлерди де жалаңаяқ айдатып, Күшлилерди аўдарып таслайды.
20 Ол исенимли мәсләҳәтшилерди тилден айырады, Ақсақалларды ақылынан жуда қылады.
21 Ол ақсүйеклерди шерменде қылады, Күшлилерди күшинен айырады.
22 Ол қараңғылықтың терең сырларын ашады, Тас түнекти де жарыққа шығарады.
23 Халықларды уллы қылатуғын да, жоқ қылатуғын да Ол, Оларды көбейтетуғын да, тарқатып жиберетуғын да Ол.
24 Жер бетиндеги халық басшыларын ақылынан айыратуғын да Ол, Жолсыз шөлде гездирип қоятуғын да Ол.
25 Олар тас түнек қараңғылықта сыйпаланып жүреди, Оларды мәс адамдай теңселдирип қояды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.