Аюп 14 bob

1 Ҳаялдан туўылған инсанның, Өмири қысқа, азапқа толы болады.
2 Ол гүл сыяқлы өседи, солып қалады, Көлеңке сыяқлы тез өтип кетеди, турып қалмайды.
3 Сондай инсан болған маған нәзериңди үзбей қарайсаң ба? Ҳүким қылыў ушын мени дәргайыңа алып келесең бе?
4 Ким ҳарам нәрседен ҳадал нәрсе шығара алады? Ҳеш ким!
5 Инсанның күнлерин белгилеп, Айларының санын санап, Асып кетпейтуғын шек те қойған екенсең,
6 Енди оннан нәзериңди алып, оны тынышына қой. Ол да күнликшиниң жумыс күниниң аяқланғанына қуўанғанындай, өмиринен рәҳәтленсин.
7 Ҳәтте, ағашта да үмит бар, Оны кесип тасласа, ол қайта өседи, Өсиўин тоқтатпайды.
8 Тамырлары қартайып қаўсап, Түбири топырақта ширип кетсе де,
9 Суў ийисин алып-ақ, жайнап кетеди, Жас терек сыяқлы шақаларын жаяды.
10 Бирақ инсан өлсе, бар күшинен айырылады, Соңғы демин шығарғаннан соң, ол қай жерде болады?
11 Көлдиң суўы қурып қалғандай, Дәрья суўы тартылып, кеўип қалғандай,
12 Өлген адам да жатады, қайтып турмайды, Аспан жоғалып кетпегенше, ол оянбайды, Уйқысынан ҳеш турмайды.
13 Қәне, Сен мени өлилер мәканына жасырып қойсаң еди, Ғәзебиң басылғанша, сақлап қойсаң еди! Мен ушын бир ўақыт белгилеп, Соңынан мени еске алсаң еди
14 Адам өлгеннен соң, қайта тириле ме? Егер сондай болса, азат етилгенимше, Азаплы күнлеримниң барлық күнлеринде қайта тирилиўди күтер едим.
15 Сонда мени, Өзиң жаратқан жаратылысыңды көргиң келгенде, шақырар едиң, Мен де жуўап берер едим.
16 Сонда Сен адымларымды санап, гүзетер едиң, Бирақ гүналарымның есабын алмас едиң.
17 Қылмысларымды дорбаға салып мөрлеп, Ислеген гүналарымды жасырар едиң.
18 Бирақ таўлар қулап, майдаланып, Жартаслар өз орнынан қозғалғандай,
19 Суўдың тасты жалмап, Ағыстың топырақты ағызып кеткениндей, Сен де инсанның үмитин жоқ қыласаң.
20 Сен оны ақырына шекем езесең, ол жоқ болады, Өлгенинде жүзин өзгертип, узаққа жибересең.
21 Уллары ҳүрметке миясар болар, буннан оның хабары болмас, Жерге урылар, буны билмес.
22 Ол тек өз денесиниң азабын сезер, Тек өзи ушын қайғырар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.