Аюп 16 bob

Аюптың жуўабы(1-22). 

1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Мен бундай нәрселерди көп еситтим, Сизлердиң ҳәммеңиз қандай бийшара жубатыўшысызлар!
3 Бос сөзлериңиздиң ақыры бар ма өзи? Тартысыўға сизлерди не мәжбүрлеп тур?
4 Егер сизлер мениң орнымда болғаныңызда, Мен де сизлердиң айтқаныңызды айта аламан. Сизлерге қарсы сөз тоқып айтып, Басымды шайқай аламан.
5 Бирақ мен сөзлерим менен тәселле берер едим, Ернимниң қыймылдысы менен дәртиңизди жеңиллетер едим.
6 Ал ҳәзир сөйлесем де, азабым жеңилленбейди, Сөйлемесем де, ол басылмайды.
7 Эҳ, Қудай, Сен мени женшип тасладың, Пүткил үй-ишимди қырып тасладың!
8 Жүзимди әжим менен қапладың, Олар маған қарсы гүўалық болмақта, Азғынлығым да маған қарсы турып, Маған қарсы гүўалық бермекте.
9 Қудай мени жек көрип, Ғәзеп пенен тилким-тилким етпекте, Тислерин қайрап маған, Душпан көзи менен қарап, мени теспекте.
10 Адамлар аўызларын керип ашып, Мени масқаралап, шекеме урды, Олар маған қарсы бирикти.
11 Қудай мени жаўызлардың қолына тапсырды, Залымлардың қолына таслап қойды..
12 Мен тыныш жасап атыр едим, Бирақ Ол мени майдалап таслады, Желкемнен услап алып, жерге урды. Мени Өзине нышан қылдыю.
13 Оның садақшылары мени қоршап алды, Аямай бөтекелеримди тесип, Өтимди жерге төкти.
14 Қудай денемдеги тесиктиң үстин қайта-қайта тесип, Жаўынгер әскер киби үстиме топылмақта.
15 Мен үстиме аза кийимин тиктим, Аяқ-асты болып, топырақта отырман.
16 Жылағаннан жүзим қызарды, Қабақларым қарайып кетти.
17 Бирақ қолларым жаўызлық ислемеди, Дуўам да таза.
18 Топырақ, сен мениң қанымды жасырма, Пәриядым ҳасла тынбасын.
19 Мине, ҳәзир мениң гүўам аспанда, Жоқарыда мениң Қорғаўшым бар.
20 Досларым мени мазақ қылмақта, Көз жасларым Қудайға қарай ақпақта.
21 Биреўдиң дослары арасында тәўеллеши болғанындай, Қудай менен мениң арамда да бир тәўеллеши болса еди!
22 Өмиримниң ақыры жақынлап қалды, Қайта келмес жолға атланаман.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.