Аюп 22 bob

Элифаздың үшинши сөзи(1-30). 

1 Сонда теманлы Элифаз былай деди:
2 – Адам Қудайға пайда келтире ала ма? Ҳәтте, ең ақыллы адам да Оған пайда келтире алар ма еди?
3 Сениң әдиллигиңнен Қүдирети күшли Қудай не ләззет алады? Пәк өмир тәрзиңнен Оған не пайда?
4 Қудайдың сени жазалаўы, ҳүким етиўи, Оннан қорққаның ушын ба?
5 Керисинше, сениң жаўызлығың уллы, Қылмысларың шексиз болғанлықтан емес пе?
6 Сен туўысқанларыңнан жөнсиз кепиллик алдың, Кийимлерин шешип алып, жалаңаш қалдырдың.
7 Шөллегенге суў бермедиң, Аш болғанға нан бермедиң.
8 Билегиңниң күши менен үлкеге ийелик еттиң, Ҳүрметли адам болып жасадың.
9 Бирақ жесир ҳаялларды қуры қол қайтардың, Жетимлердиң қол-қанатын қайырдың.
10 Сонлықтан әтирапыңды дузақлар орап алған, Тосаттан сени қорқыныш баспақта.
11 Қараңғылық ишиндесең, көре алмайсаң, Селлер сени ғарқ қылмақта.
12 Қудай көклерден де жоқарыда емес пе? Жулдызларға қара, олар қаншелли бийикте!
13 Бирақ сен: «Қудай не биледи? Терең қараңғылық ишинен ҳүким ете ала ма?
14 Қойыў бултлар Оны жасырып тур, Ол бизлерди көрмейди, Ол аспан гүмбезинде айланып жүр», – дейсең.
15 Сен не, залымлар жүрген, Ески жолды тутпақшымысаң?
16 Олар ўақтынан бурын жоқ қылынды, Тийкарларын сел ағызып кетти.
17 Олар Қудайға: «Бизлерди тыныш қой! Қүдирети күшли Қудай бизлерге не қыла алар еди?» – деди.
18 Бирақ олардың үйлерин берекетке толтырған Қудай еди ғой! Ал мен болсам, залымлардың нийетинен аўлақ боламан.
19 Әдиллер олардың қулағанын көрип, қуўанар, Айыпсызлар олардың үстинен күлип, былай дер:
20 «Душпанларымыз жоқ қылынды, Мал-мүлки жанып, күл болды».
21 Қудай менен жарас, тынышлықта бол, Сонда берекет табарсаң.
22 Қудайдың аўзынан шыққан көрсетпелерин қабыл етип, Сөзлерин жүрегиңде сақла.
23 Егер сен Қүдирети күшли Қудайға қайта жүз бурсаң, Ески ҳалыңа қайтарсаң. Шатырыңды наҳақлықтан тазаласаң,
24 Алтынды жердеги топырақтай, Офир алтынын сайдағы таслардай көрсең,
25 Онда Қүдирети күшли Қудайдың Өзи сениң алтының, Қымбатбаҳа гүмисиң болады.
26 Сонда Қүдирети күшли Қудайдан заўық аларсаң, Қудайға басыңды көтерип қарай аларсаң.
27 Оған дуўа ет, Ол сени еситеди, Сен де өзиң ўәде етип атағанларыңды бересең.
28 Сонда нени нийет етсең, орынланар, Жолларыңа нур төгилер.
29 Егер биреў аяқ-асты болса, сен: «Оны қоллай гөр», – деп айтасаң, Сонда Қудай кемкеўиллилерди қутқарады.
30 Ол, ҳәтте, айыплыларды да қутқарады, Олар сениң қолларыңның пәклиги себепли қутқарылар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.