Аюп 23 bob

Аюптың жуўабы(1-17). 

1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Бүгин де айтар шағымым ашшы, Зарлағаныма қарамастан, Қудай аўыр жазалаўын даўам етпекте.
3 Аҳ, егер Оны қай жерден табыўды билсем еди! Ол тахтта отырған жерге бара алсам еди!
4 Арзымды Оның алдында баян етип, Аўзымды толтырып, дәлиллеримди айтар едим.
5 Оның маған беретуғын жуўабын билип, Не айтажағын түсинер едим.
6 Ол уллы күши менен маған қарсы шығар ма еди? Яқ, Оның Өзи мени тыңлаған болар еди.
7 Әдил адам Оның менен пикир таласып билер еди, Мен де Қазым тәрепинен мәңгиге ақланар едим.
8 Бирақ шығысқа барсам, ол жерде Қудай жоқ, Батысқа барсам да, Оны таба алмайман.Арқада бир нәрсе ислесе, мен Оны көре алмайман, Қублаға айланса да, Оны байқамайман.
9 Арқада бир нәрсе ислесе, мен Оны көре алмайман, Қублаға айланса да, Оны байқамайман.
10 Бирақ Қудай мен тутқан жолды жақсы биледи, Ол мени сынаққа салғанда, алтындай пәк болып шығаман.
11 Себеби аяқларым адымба-адым Оның изинен жүрди, Ҳеш жаққа бурылмай, Оның жолын туттым.
12 Аўзынан шыққан буйрықларынан жүз бурмадым, Оның сөзлерин күнделикли тамағымнан да үстин қойдым.
13 Қудай қарар шығарады, ким Оған қарсы шыға алады? Ол нени қәлесе, соны қылады.
14 Мен ушын шығарған қарарын Ол ақырына шекем орынлайды, Бундай нәрселер Онда еле көп.
15 Сонлықтан Оның дәргайында ҳүрейим ушады, Бул ҳаққында ойласам, Оннан қорқаман.
16 Қудай мени қоян жүрек қылып қойды, Қүдирети күшли Қудай мени қорқынышқа салып қойды.
17 Бирақ жүзимди қаплаған тас түнек қараңғылық та, Мениң даўысымды сөндире алмады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.