1 Не ушын Қүдирети күшли Қудай ҳүким ушын ўақыт белгилемейди? Не ушын Оны танығанлар бул күнлерди ҳеш көрмейди?
2 Залымлар шегара белгилерин жылжытып, Өзлестирип алған сүриўлерин сол жайлаўларда бағады.
3 Жетимлердиң ешегин тартып алады, Жесирлердиң өгизин кепилликке алады.
4 Жарлыларды жолдан қуўып шығарады, Үлкедеги барлық кәмбағаллар болса, олардан жасырыныўға мәжбүр болады.
5 Сонлықтан кәмбағаллар шөлдеги қуланлар сыяқлы, ерте иске шығып, Балалары ушын қула дүзден аўқат излейди.
6 Олар азықларын басқалардың атызларынан топлайды, Залымлардың жүзим бағынан қалған-қутқанларын терип алады.
7 Түнди кийимсиз, жалаңаш өткереди, Суўықта жамылатуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
8 Таўда жаўған жаўыннан үсти-басы сел болып, Баспанасы болмағанлықтан, жылыныў ушын жартасларға тығылады.
9 Залымлар жесир ҳаялдың бөпесин көкирек сүтинен айырады, Жарлының баласын қарызы ушын тартып алады.
10 Олар кийимсиз, жалаңаш сандалып жүреди, Аш қарынға бийдай дәстелерин тасыйды.
11 Дийўаллап қоршалған жерде зәйтүннен май шығарады, Искенжеде жүзим сығады, бирақ өзлери шөлден ҳарыған.
12 Қалаларда өлип баратырғанлар нала шекпекте, Жарақатланған жанлар жәрдем сорап, пәрияд етпекте, Бирақ, сонда да Қудай олардың жалбарыныўларына кеўил бөлмейди.
13 Нурға қарсы бас көтеретуғынлар да бар, Олар нурдың жолын танымас, Оның соқпақларынан да жүрмес.
14 Жарлы ҳәм кәмбағалды өлтириў ушын, Қанхор күн батқанда аяққа турар, Түнде болса, урлық қылар.
15 Бузықшылық қылыўшының көзи ымырт жабылыўын күтер, Ол: «Мени ҳеш ким көрмейди», – деп ойлап, Жүзин жаўып алар.
16 Қараңғылықта урылар үйлерди тонап, Ал күндизлери өз үйлерине тығылып алар, Олар нурдың не екенин билмес.
17 Олар ушын азан өлимдей қойыў қараңғылық, Ал түнектиң қорқынышлары – олардың досты.
18 Бирақ ондай адамлар суў бетиндеги көбиктей тез жоқ болады, Олардың жер бетиндеги үлесине нәлет жаўған, Ҳеш ким олардың жүзим бағына аяқ баспас.
19 Ыссы ҳаўа ҳәм қурғақшылық қар суўларын сорып алғандай, Өлилер мәканы да гүнакарларды өз қушағына алады.
20 Оларды, ҳәтте, қурсағына көтерген ана да умытады, Қуртлар оларды ҳәз етип жейди, Оларды артық ҳеш ким еслемейди, Солай етип, наҳақ адамлар ағаш киби сындырылады.
21 Залымлар перзенти жоқ, қақсал ҳаялға зулымлық қылар, Жесирге ҳеш жақсылық қылмас.
22 Бирақ Қудай Өз күши менен күшлилерди жоқ қылар, Олар беккем орналасып алса да, өмири ушын үмити болмас.
23 Қудай оларға қәўипсизлик берер, олар Оған сүйенер, Бирақ Қудайдың көзлери олардың жолларында.
24 Олар бир демге көтерилип, кейин жоқ болар, Төменлетилер, басқалар киби өлип кетер, Масақ сыяқлы қуўрап қалар.
25 Солай емес пе? Жалған деп, ким мени айыплай алады? Ким мениң гәплеримниң бос екенин көрсете алады?