Аюп 28 bob

Даналық ҳаққында жыр(1-28). 

1 Мине, гүмис қазып алынатуғын кәнлер, Алтынды тазартатуғын орынлар бар.
2 Темир жерден қазып алынады, Мыс та тастан балқытып алынады.
3 Кәнши қараңғылыққа шек қояды, Жер астының узақ шетине барып, Түнек ҳәм қойыў қараңғылықтан қазылма излейди.
4 Ол адам жасайтуғын жерлерден узақта, Адам аяқ баспайтуғын жерлерде қудық қазып, Ҳәммеден узақта жипке асылып, тербелип турады.
5 Жер бетине келсек, оннан азық-аўқат өнип шығады, Ал жер асты болса, жандырылғандай астан-кестен болып атыр.
6 Оның таслары лазуриттиң мәканы, Топырағында алтын бар.
7 Жыртқыш қус кәнге баратуғын жолларды билмейди, Суңқардың көзи оған түспейди.
8 Жабайы ҳайўанлар ол жерлерге аяқ баспаған, Арыслан да ол жерлерден жүрмеген.
9 Адам жартасларды сындырып, Таўларды түп-тамыры менен қопарып таслайды.
10 Ол жартаслар арасынан жол ашады, Көзлери ҳәр бир баҳалы нәрсени көреди,
11 Адам дәрьялардың сағасын табады, Жасырын болғанларды жақтылыққа шығарады.
12 Бирақ даналықты қаяқтан табыўға болады? Ақылдың мәканы қай жерде екен?
13 Адамзат оның қәдирин билмес, Тирилер әлеминен оны таба алмас.
14 Терең суўлар: «Ол менде емес», – дер, Теңиз де: «Ол мениң жанымда да емес», – дер.
15 Оны сап алтынға да сатып ала алмайсаң, Қунын гүмис пенен де төлей алмайсаң.
16 Даналық Офир алтыны менен де, Қымбатбаҳа оникс ҳәм лазурит пенен де баҳаланбас.
17 Ол алтын менен де, кристалл менен де салыстырылмас, Сап алтын буйымға да алмастырылмас.
18 Маржан ҳәм яшманы айтпай-ақ қояйық, Даналық яқыттан да қымбат турады.
19 Куш хризолити де оған салыстырылмас, Сап алтын менен де оның қуны өлшенбес.
20 Даналық қайдан келеди? Ақылдың мәканы қай жерде екен?
21 Ол барлық тири жанлардың көзинен жасырылған, Көктеги қуслардан да сыр сақланған.
22 Набыт болыў мәканы ҳәм өлим: «Биз ол ҳаққында тек мыш-мыш еситтик», – дейди.
23 Даналыққа баратуғын жол Қудайға аян, Оның мәканын тек Ол биледи.
24 Ол жердиң шетлерине дейин көз салар, Көклердиң астындағылардың ҳәммесин көрер.
25 Ол самалға күш берип, Суўлардың өлшемин белгилеп бергенде,
26 Ол жаўын ушын қарар шығарып, Жылдырым ушын жол белгилегенде,
27 Ол даналықты көрип, оны баҳалады, Оны тексерип, тастыйықлады.
28 Соңынан адамға: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийеден қорқыў – бул даналық, Жаўызлықтан аўлақ болыў – бул ақыллылық», – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.