Аюп 29 bob

Аюптың өткен өмирин аңсаўы(1-25). 

1 Аюп сөзин даўам етип былай деди:
2 – Қәне енди, өткен айлар, Қудай мени қорғап-сақлаған күнлер қайтып келсе еди!
3 Сол ўақытлары Оның шырасы төбемде жарқырап, Оның нуры менен қараңғылықты қәўипсиз кесип өтер едим!
4 Аўа, өнип-өскен күнлерим, Қудайдың дослығы шатырымды қорғап турған күнлер қайтып келсе еди!
5 Сол күнлери Қүдирети күшли Қудай еле мениң менен бирге болып, Балаларым да әтирапымда еди.
6 Үйимде ағарғаным мол болып, Жартас мен ушын зәйтүн майын дәрья қылып ағызар еди.
7 Қала дәрўазасы алдына барып, Майдандағы орныма отырмақшы болғанымда,
8 Жаслар мени көрип жол берер, Жасы үлкенлер де орнынан турар еди.
9 Басшылар да сөйлеўин тоқтатып, Қоллары менен аўызларын басар еди.
10 Ақсүйеклердиң де даўысы сөнип, Тиллери таңлайына жабысып қалар еди.
11 Мени тыңлағанлар маған рахмет айтар еди, Мени көргенлер мени мақтар еди.
12 Мен нала шеккен жарлыны да, Жәрдемге мүтәж жетимди де қутқарар едим.
13 Өлим төсегинде жатырғанлар маған пәтиясын берер еди, Жесир ҳаяллардың жүреги де мен берген жәрдемнен қуўанышқа толар еди.
14 Әдилликти кийим киби кийип алдым, Әдалатлық шапаным ҳәм сәллемдей еди.
15 Соқырға көз, Майыпқа аяқ болдым.
16 Жарлыларға әкелик қылдым, Өзим танымаған адамның даўын да әдиллик пенен шешип бердим.
17 Наҳақлардың жақларын сындырып, Олжасын аўзынан тартып алар едим.
18 Сонлықтан мен былай ойлар едим: «Күнлерим қум киби көп болады, Мен өз ошағымның басында жан беремен,
19 Мен тамыры суўға тийип турған, Шақаларына түн бойы шық түсип туратуғын терек яңлыман.
20 Атақ-абырайым өсе береди, Қолымдағы оқ жай жаңалана береди».
21 Адамлар маған сабырлылық пенен қулақ салып, Кеңеслеримди үнсиз тыңлар еди.
22 Мениң сөзлеримнен кейин ҳеш ким гәп қоспас еди, Сөзлерим оларға майдай жағар еди.
23 Олар мени жаўынды күткендей күтер еди, Сөзлеримди бәҳәрдеги жаўынды симирген жер сыяқлы симирер еди.
24 Оларға күлип қарасам, көзлерине исенбес еди, Жүзимдеги нурдан олар жигерленер еди.
25 Оларға бас болып, жол көрсетип отырар едим, Ләшкерлери арасындағы патша сыяқлы, Жылағанларды жубататуғын адам болып жасадым.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.