Аюп 3 bob

Аюптың тилге кириўи(1-26). 

1 Ақыры Аюп тилге кирип, өзиниң дүньяға келген күнин нәлетледи.
2 Ол былай деди:
3 – Мен туўылған күнге нәлет жаўсын! „Бойына бала питти“ деген түнге нәлет жаўсын!
4 Сол күн түнекке айланып қалсын! Аспандағы Қудай да ол күнди еслемесин, Жарық та сол күнге сәўле шашпасын.
5 Сол күнди тас түнек қараңғылық ийелеп алсын, Жүзин қара бултлар қаплап алсын, Қараңғылық сол күнниң ҳүрейин ушырсын.
6 Аўа, сол түнди тас түнек қараңғылық жутып жиберсин, Ол жыл күнлери арасында саналмасын, Айлардың биреўине де кирмесин.
7 Сол түн қысыр болсын, Онда ҳеш бир шадлық ҳаўазы еситилмесин.
8 Күнлерди нәлетлейтуғынлар, Лиўятанды оята алатуғынлар, Сол түнди ғарғасын.
9 Оның таң жулдызлары сөнип қалсын. Жарықлықты күтсин, бирақ ол келмесин, Таң шуғласын көрмесин.
10 Өйткени усы азапты көзлерим көрмеўи ушын, Сол түн анамның қурсағын жаппады.
11 Не ушын туўылып атырып, өлмедим екен? Ямаса туўыла сала, демим таўысылмады екен?
12 Мени неге дизесине алып отырды? Неге мени емизди екен?
13 Солар болмағанда, ҳәзир тыныш жатқан болар едим, Уйықлап тыным тапқан болар едим.
14 Қарабақаналарды өзлерине қайта тиклеп алған, Дүнья патшалары ҳәм мәсләҳәтшилери менен бирге болар едим.
15 Ямаса үйлерин гүмиске толтырған, Алтынға бай ҳүкимдарлар менен бирге болар едим.
16 Ямаса не ушын өли туўылған бөпе сыяқлы, Күн нурын көрмеген нәресте сыяқлы көмилмедим?
17 Ол дүньяда залымлар жаманлық қылыўды тоқтатады, Ҳарыққанлар да тыным табады.
18 Ол жерде тутқынлар да тынышлықтан рәҳәт алады, Қадағалаўшылардың бақырысларын еситпейди.
19 Уллы да, киши де бардур ол жерде, Қул болса, хожайынынан азат.
20 Не ушын азап шегип жүргенге нур, Ал қайғыға батқанға өмир бериледи екен?
21 Олар өлимин күтеди, бирақ ол келмес, Әжелин көмилген ғәзийнеден де бетер излер.
22 Егер әжелин тапса, Олар қуўанышқа бөленип, шадланар еди.
23 Жолын көре алмайтуғын адамға, Қудай айнала дөгерегин қараңғылық пенен қоршаған адамға, Не ушын өмир берилер екен?
24 Нан жеўдиң орнына гүрсинемен, Аҳыў-налам суў киби ақпақта.
25 Неден қорққан болсам, сол жүз берди, Неден қәўетерленген болсам, сол басыма түсти.
26 Маған тынышлық та, тыным да, рәҳәт те жоқ, Басыма ғаўасатлы күн туўды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.