Аюп 41 bob

1 Лиўятанды тутыўға үмит етиў пайдасыз, Оның қарасы көриниўден-ақ, қорқыныштан адамның жүреги жарылады.
2 Оны қозғаўға ҳеш кимниң батылы бармайды. Солай екен, онда ким Мениң алдымда тура алады?
3 Оған қарыздар болып қалатуғындай, ким Маған бир нәрсе берди екен? Аспан астындағы ҳәмме нәрсе – Меники.
4 Мен Лиўятанның дене ағзалары, Уллы күши ҳәм әжайып денеси ҳаққында айтып берейин.
5 Ким оның терисин сылып ала алады? Ким оның еки қабат саўытын тесип зақымлай алады?
6 Ким оның аўзын ашып көре алады? Оның аўзындағы тислери қорқынышлы.
7 Арқасы қатар-қатар қалқаннан исленген, Олар мөр басылғандай етип, бир-бирине тығыз беккемленген.
8 Олардың бир-бирине жақын жайласқаны соншелли, Арасынан ҳаўа да өтпейди.
9 Олар бир-бирине тығызланып, жабыстырылған, Оларды ажыратыў мүмкин емес.
10 Лиўятан түшкиргенде, от шашады, Оның көзлери таң нуры сыяқлы жайнап турады.
11 Аўзынан жалын лаўлап, От ушқынлары шашырайды.
12 Мурнынан шыққан түтин, Жанып турған қамыс үстинде қайнап турған қазанның пуўына уқсайды.
13 Деми көмирди алыстырады, Аўзынан жалын шашады.
14 Оның күши мойнында, Оның алдында қорқыныш ойынға түседи.
15 Етиниң қабатлары бир-бирине беккем жабысқан, Қуймаға уқсайды, ҳеш тербелмейди.
16 Жүреги тастай, Дигирманның астынғы тасындай қатты.
17 Ол орнынан турғанда, күшлилердиң де ҳүрейи ушады, Қорқыныштан артқа шегинеди.
18 Оны қылыш та кеспейди, Оған найза да, қанжар да, оқ та өтпейди.
19 Темир оған сабан киби, Қола шириген терек киби көринеди.
20 Атылған оқлар оны қашыўға мәжбүрлей алмайды, Сақпаннан атылған тас ол ушын қаўықтай нәрсе.
21 Шоқмар менен урған оған сабан менен урғандай, Өзине ылақтырылған семсерлердиң сестине күледи.
22 Денесиниң астынғы теңгелери гүзениң өткир сынықларына уқсайды, Ылайдың үстинде жатса, түйек айдалғандай из қалдырады.
23 Түпсиз терең ийиримди ол қазан киби қайнатады, Теңизди қайнап турған май киби тастырады.
24 Ол изинде нурлы из қалдырады, Көргенлер теңиздиң ақ шашы бар деп ойлайды.
25 Жер бетинде оның теңи-тайы жоқ, Ол қорқынышты билмейтуғын етип жаратылған.
26 Ол барлық тәкаббирлерге пәс нәзер менен қарайды, Ҳәм барлық менменлердиң патшасы.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.