Аюп 5 bob

Элифаз сөзин даўам етеди(1-27). 

1 – Ал енди, Аюп, шақырғың келсе, шақыр! Саған жуўап бергендей, биреў бар ма екен? Периштелердиң қайсысынан жәрдем сорамақшысаң?
2 Ашыў-ғәзеп ақмақты набыт қылар, Күншиллик саданы өлтирер,
3 Мен ақмақтың тамыр жайғанын көрдим, Бирақ тосаттан оның үй-иши ғарғысқа ушырады.
4 Оның балалары аманлықтан аўлақ болар, Ҳүким ўақтында езилер, Бирақ оларды жақлайтуғын ҳеш ким болмас.
5 Оның зүрәәтин ашлар жеп қояр, Ҳәтте, тикенлер арасында өскенлерин де. Ашкөзлер мал-мүлкин де алып кетер.
6 Жаўызлық жерден өсип шықпайды, Ғам-қайғы да атызда өспейди.
7 Деген менен, от ушқынының жоқары қарап ушқаны сыяқлы, Азап шегиў ушын туўылар инсан.
8 Бирақ мен Қудайды излеген, Даўа-арзымды Оған тапсырған болар едим.
9 Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп, Сансыз кәраматлар көрсетер.
10 Ол жер бетине жаўын жаўдырып, Атызларды суўғарар.
11 Ол төмен аўҳалдағыларды жоқары көтерип, Қайғыға батқанларды қәўипсизликке шығарар.
12 Ол ҳийлекерлердиң нийетлерине тосқынлық жасап, Оларды табыстан маҳрум етер.
13 Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы тутып алып, Ҳийлекерлердиң ойларын пушқа шығарар.
14 Күндиз олар қараңғылыққа тап болар, Тал түсте де түндегидей сыйпаланып жүрер.
15 Қудай жарлыны жаманлардың ашшы сөзлеринен, Күшлилердиң қолынан қутқарар.
16 Солай екен, кәмбағалларда үмит бар, Наҳақлардың аўзы жабылар.
17 Қудай ескертип, дүзететуғын адам қандай бахытлы! Сонлықтан Қүдирети күшли Қудайдың үгит-нәсиятын писент етпей жүрме.
18 Ол жаралайды ҳәм Өзи оны таңады, Ол зыян келтиреди, бирақ Өз қолы менен шыпалайды.
19 Ол сени алты бахытсызлықтан қутқарады, Жетинши апат та саған зыян келтире алмайды.
20 Ашаршылықта өлимнен, Урыста қылыштан сақлайды.
21 Ол сени тил бәлесинен қорғайды, Апат келгенде қорқпайтуғын боласаң.
22 Ўайраншылық ҳәм ашлық үстинен күлетуғын боласаң, Жабайы ҳайўанлардан да қорқпайтуғын боласаң.
23 Атыздағы таслар менен тил табысасаң, Жабайы ҳайўанлар да сениң менен татыў болады.
24 Сен үйиңниң қәўипсизлик ишинде екенин билесең, Сүриў ҳәм падаларыңды көзден өткергениңде, ҳеш нәрсеңниң жоғалмағанын көресең.
25 Сениң сансыз балаларың болады, Урпағың жер бетиндеги шөп сыяқлы мол болады.
26 Өз ўақтында буўылған бийдай баўы киби, Жасарыңды жасап, қәбириңе киресең.
27 Мине, бизлер буны изертледик, ҳәммеси ҳақыйқат екен, Усыларды тыңлап, қабыл қыл.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.