Аюп 9 bob
1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Аўа, ырас, буның сондай екенин мен де билемен, Бирақ инсан Қудайдың алдында қалай ақлана алады?
3 Егер адам Қудай менен тартыспақшы болса да, Ол берген мың сораўдан биреўине де жуўап бере алмас еди.
4 Қудайдың даналығы терең, қүдирети күшли, Оның менен қасарысып, Ким аман қала алды?
5 Алдын ала ескертпей-ақ, Ол таўларды жылжытар, Ғәзепленгенде, оларды аўдарып таслар.
6 Ол жерди орнынан қозғап, силкитер, Оның тиреклерин титиретер.
7 Ол қуяшқа буйрық берсе, қуяш уясынан шықпай қояр, Жулдызларды да қулыплап қояр.
8 Оның жалғыз Өзи көклерди жайған, Ол теңиз толқынлары үстинде жүрер.
9 Ол Жети қарақшыны, Орионды, Үркерди ҳәм қубладағы жулдызлардың ҳәммесин жаратты.
10 Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп, Сансыз кәраматлар көрсетер.
11 Егер Ол қасымнан өтип кетсе де, мен Оны көрмеймен, Жақынлап өтип кетсе де, мен Оны байқамайман.
12 Егер Ол алып қойса, Оны ким тоқтата алады? Ким Оған: «Сен не қылып атырсаң?» – деп айта алады?
13 Қудай Өз ғәзебин тутып турмайды, Раҳабтың жәрдемшилери де Оның аяғына жығылады.
14 Солай екен, мен қалай Оған жуўап бере аламан? Оған айтыў ушын сөзлерди қайдан табаман?
15 Айыпсыз болсам да, Оған жуўап бере алмас едим, Мен тек Қазымнан реҳим етиўин ғана сорап жалбарынар едим.
16 Егер Оны даўыслап шақырсам, Ол да маған жуўап берсе еди. Бирақ, мениң даўысыма қулақ салатуғынына исенбеймен.
17 Ол мени дүбелей менен соққылап, азап бермекте, Айыпсыздан айыпсыз жараларымды көбейтпекте.
18 Ол дем алыўға да жол қоймайды, Жүрегимди қайғыға толтырып атыр.
19 Егер күш сыналса, Ол күшли! Егер әдалат соралса, Оны ким қазыханаға алып келе алады?
20 Айыпсыз болсам да, өз аўзым мени айыплы етер, Егер, ҳәтте, минсиз болсам да, Ол мени наҳаққа шығарар.
21 Мен минсизбен, бирақ енди маған бәри бир, Өз өмиримнен түңилип турман.
22 Аўа, бәри бир екен. Сонлықтан мен былай деймен: «Қудай айыпсызды да, залымды да набыт қылады».
23 Бахытсызлық тосаттан өлим келтирсе, Ол айыпсызлардың басына түскен апатқа күледи..
24 Жер жүзи залымлардың қолына берилген, Ол оның қазыларының көзин жаўып қойған. Егер буны Ол ислемеген болса, онда басқа ким екен?
25 Күнлерим жуўырыўшыдан да тез жуўырып өтпекте, Олар жақсылық көрмей-ақ, өтип кетпекте.
26 Олар қамыс қайық сыяқлы, Олжаға тасланған бүркит сыяқлы, тез көзден ғайып болады.
27 Егер мен: «Шағымымды умытайын, Қайғылы түримди өзгертип, күлимсирейин», – десем де,
28 Бәри бир көретуғын азабымнан қорқар едим. Билемен, Сен мени айыпсыз деп санамайсаң.
29 Егер айыплы деп табылған екенмен, Онда бостан-босқа гүресип не қыламан?
30 Ҳәтте, қар суўына жуўынсам да, Қолларымды сабын менен жуўсам да,
31 Бәри бир Сен мени ылай шуқырға таслайсаң, Ҳәтте, кийимлерим де меннен жеркенеди.
32 Қудай мен сыяқлы инсан болмағанлықтан, Мен Оған жуўап бере алмайман, Оның менен бирге қазыханаға да бара алмайман.
33 Қолын екеўимиздиң үстимизге қойып, жарастыратуғын, Арамызда бир дәлдалшы болса еди!
34 Ҳасасын үстимнен алып тасласа еди Қудай, Қорқынышы да мени қорқытыўды тоқтатса еди!
35 Сонда мен Оннан қорқпастан, Оның менен сөйлесер едим, Бирақ бул аўҳалда ҳеш нәрсе қыла алмайман.