Ҳикметлер 7 bob

1 Балам, сөзлеримди есиңде тут, Буйрықларымды жүрегиңде сақла.
2 Буйрықларыма әмел қыл, сонда жақсы жасайсаң, Нәсиятымды көз қарашығындай асыра.
3 Оларды жүзик киби бармағыңа тағып ал, Жүрегиңе ойып жазып қой.
4 Даналыққа: «Сен мениң апамсаң», – деп айт, Түсиникти туўысқаным, деп ата.
5 Олар сени бузық ҳаялдан, Жезөкше ҳаялдың майлы тилинен қорғайды.
6 Бир күни үйимниң әйнегинен, Терезеден сыртқа қарадым.
7 Сада жаслардың арасында, Ақылы толмаған жас жигитти көрип қалдым.
8 Ол көшени ҳаял жасайтуғын мүйешке жақын жерден кесип өтип, Сол ҳаялдың үйине апаратуғын жол менен кетти.
9 Бул ымырт жабылған кешки ўақыт болып, Түнги қараңғылық шөккен еди.
10 Сонда бузықлар сыяқлы кийинген ҳийлекер ҳаял, Алдынан шығып, жигитти күтип алды.
11 Ол үйинде турмайтуғын, Ўайрақы ҳәм жүўенсиз болып,
12 Биресе көшеде, биресе майданда, Мүйешлерде жигитлерди аўлап турады.
13 Ол жигитти услап алып, сүйди, Бети бүлк етпей оған былай деди:
14 «Бүгин татыўлық қурбанлығын берип, Берген ўәдемди орынладым
15 Сонлықтан сени күтип алыўға шықтым, Сени излеп, мине, таўып та алдым!
16 Түрли реңли Мысыр таўарларынан, Төсегимди қаплап, төседим.
17 Жатақ жайыма хош ийисли мирра, Алоэ ҳәм корица септим.
18 Қәне кел, таң атқанша, муҳаббат ләззетин татып,Оннан рәҳәтленейик.
19 Үйде күйеўим жоқ, Ол алыс сапарға кетти.
20 Ол гүмис толы шыжланын да алып кетти, Ай толғанша қайтып келмейди».
21 Ҳаял жыллы сөзлер менен жигитти айландырып, Майлы тили менен жолдан урды.
22 Сол ўақытта-ақ, жигит оған ерип кетти. Жигит сойылыўға баратырған буғаға, Дузаққа аяқ басып атырған суўынға уқсар еди.
23 Оқ баўырын тесип өтпегенше, Дузаққа тасланған қус сыяқлы, Өлимге баратырғанын билмес еди.
24 Солай екен, балалар, мени тыңлаңлар, Айтқан сөзлериме қулақ салыңлар!
25 Жүрегиңиз сондай ҳаялдың жолына бурылмасын, Оның соқпақлары бойлап адасып жүрмеңлер.
26 Ол көплерди жарадар етип жықты, Сансыз адамлар оның қолынан қаза тапты.
27 Оның үйи өлилер мәканына жетелейтуғын, Өлимге алып түсетуғын жол.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.