Қосықлар Қосығы 2 bob

Қыз: (1), Жигит: (2), Қыз: (3-13), Қыз: (14-15), Қыз: (16-17).

1 Мен Шарон наргизимен, Ойпатлықлар лаласыман.
2 Қызлар арасында мениң сүйиклим, Тикенлер арасындағы лалаға мегзер.
3 Жигитлер арасында мениң сүйиклим, Тоғай ағашлары арасындағы алма ағашына мегзер. Саясында отырыў маған рәҳәт бағышлар, Мийўесиниң дәми аўзымнан кетпес.
4 Ол мени зыяпат үйине алып келди, Мени муҳаббаты менен қаплады.
5 Кишмишлер менен мени күшке толтыр, Алмалар менен жанландыр. Себеби ышқы дәртинде жанбақтаман.
6 Оның шеп қолы басым астында, Оң қолы менен мени аймалайды.
7 Ерусалим қызлары! Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
8 Мынаў сүйиклимниң даўысы! Ол таўлардан секирип, Төбешиклерден атлап киятыр.
9 Сүйиклим жейранға ямаса жас суўынға мегзер. Мине, ол дийўалымыз артында турып, Терезелерден үңилип, Әйнектиң көзлеринен сығалар.
10 Сүйиклим маған былай деди: «Тур, сүйиклим, гөззалым, Жүр, бирге кетейик!
11 Қара, қыс та өтти, Жаўын да тынды.
12 Жерде гүллер ашылып, Қосық айтатуғын ўақыт келди. Үлкемизде қумырының, Ҳаўазы еситилип тур.
13 Әнжир ғоза шығарды. Жүзим шақалары гүллеп, Хош ийисин шашып тур. Тур, сүйиклим, гөззалым, Жүр, бирге кетейик!»
14 Жартастың жарығына, Таўлардың шыңларына жасырынған қумырым! Жамалыңды көрсет, даўысыңды еситейин. Даўысың жағымлы, жамалың гөззал.
15 Бизге түлкилерди, Жүзимзарларды ўайран етип атырған, Түлкишеклерди услап бериң. Жүзим бағларымыз гүл ашпақта.
16 Сүйиклим меники, мен де оныкимен. Ол лалалар арасында сайранлап жүрер.
17 Кеш түсип, көлеңке узайғанша, Қайтып кел, сүйиклим, Сәнли таўлардағы жейрандай, Ямаса жас суўындай шапқыла!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.