Қосықлар Қосығы 3 bob
1 Түн бойы төсегимде жатып, Қәлбимниң ашығын аңсадым, Аңсадым, бирақ оны таба алмадым.
2 Енди турып, қаланы айланайын, Көше ҳәм майданлар бойлап, Қәлбимниң ашығын излейин. Оны изледим, бирақ таба алмадым.
3 Қаланы айланып жүрген сақшылар, Мени көрип қалды. Олардан мен: «Мениң қәлбимниң ашығын көрмедиңиз бе?» – деп сорадым.
4 Олардың жанынан кетиўим менен, Қәлбимниң ашығын таптым. Оны қолтықлап услап, Анамның үйине, Маған ҳәмиледар болған бөлмеге, Алып келгенимше, жибермедим.
5 Ерусалим қызлары! Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
6 Саўдагерлердиң барлық хош ийисли әтирлеринен исленген, Мирра ҳәм хош ийисли түтеткини аңқытып, Буўдақлаған түтиндей көтерилип, Шөлден шығып киятырған ким екен?
7 Қараңлар, Сулайманның тасымалы тахты! Қасында алпыс батыры, Израилдың мәрт жаўынгерлери бар.
8 Ҳәммеси қылыш асынған, Урыс тәжирийбесине ийе. Түнги қәўипке қарсы, Ҳәр бириниң қылышы белинде.
9 Патша Сулайман Лебанондағы кедр ағашынан, Өзине тасымалы тахт ислеткен.
10 Оның бақанларын гүмистен, Арқасын алтыннан ислетип, Отырғышын шым қызыл таўар менен қаплатқан. Ишин Ерусалим қызлары шын кеўилден безеген.
11 Сион қызлары, сыртқа шығыңлар! Тойы күни, Жүреги шадлыққа толған күни, Анасы басына кийдирген, Тажына қараңлар!