Қосықлар Қосығы 4 bob
1 Қандай гөззалсаң, сүйиклим, гөззалсаң! Жүзиңдеги перде астындағы көзлериң, Қумырының көзлерине мегзейди. Шашларың Гилад таўларынан түсип киятырған, Қара ешкилер сүриўиндей таўланып турады.
2 Қырқып, шомылдырып шығарылған, Қой сүриўиндей аппақ сениң тислериң. Ҳәр бириниң сыңары бар, Ҳеш бири жалғыз емес.
3 Қырмызы сабақтай еринлериң, Аўзың сондай әжайып. Жапқыш астындағы жүзиңниң алмасы, Анардың ярымындай қып-қызыл.
4 Мойның тик қурылған, Даўыттың минарасына мегзейди, Оған мың қалқан асылған, Ҳәммеси батырлар қалқаны.
5 Лалазарда отлап жүрген қос суўынға, Егиз жейранға уқсайды қос анарың.
6 Кеш түсип, көлеңке узайғанша, Мирра таўына, Хош ийисли шайырлар бар төбеге бараман.
7 Сүйиклим, сен сондай гөззалсаң, Ҳеш жериңде миниң жоқ!
8 Лебаноннан мениң менен бирге кел, келиншегим, Лебаноннан мениң менен бирге кел! Амана төбесинен, Сенир, яғный Хермон төбесинен, Арысланлар инлеринен, Қапланлар мәканлаған таўлардан асып кел.
9 Әзизим, келиншегим, жүрегимди бийлеп алдың, Жанарыңның бир қараўы, Моншағыңның бир данасы менен, Жүрегимди бийлеп алдың.
10 Муҳаббатың қандай татлы, әзизим, келиншегим! Муҳаббатың шараптан, Әтириңниң хош ийиси, Барлық хош ийисли затлардан ләззетли!
11 Ләблериңнен пал тамады, келиншегим, Пал менен сүт бар тилиң астында. Кийимлериңниң жағымлы ийиси, Лебанонның хош ийисиндей.
12 Әзизим, келиншегим, сен бир қапысы жабық бағ, Аўзы жабық қудық, мөр басылған булақсаң.
13 Сен – жақсы мийўе беретуғын, Анар бағысаң. Бул бағда қына ҳәм нард бар.
14 Аўа, бул бағда нард ҳәм шафран, Хош ийисли қамыс ҳәм корица, Ҳәр түрли хош ийисли тереклер, Мирра ҳәм алоэ, Әлўан түрли, ең жақсы хош ийисли өсимликлер өседи.
15 Сен бағ булағысаң, Таза суў қудығы, Лебанон таўларының ағар суўысаң.
16 Оян, ҳәй, арқа самалы! Кел, қубла самалы! Бағымда есип, оның хош ийисин тарат! Сүйиклим өз бағына келип, Оның сайланды мийўелеринен жесин.