Қосықлар Қосығы 5 bob
1 Мен бағыма кирдим, әзизим, келиншегим. Мирра ҳәм хош ийисли затларымды жыйнайман. Палымды уясы менен жеймен, Шарабымды, сүтимди ишемен.Жеңлер, дослар, ишиңлер! Ишип, ләззет алың, ҳәй, ашықлар!
2 Уйықлап жатсам да, кеўлим сергек. Тыңлап көр! Сүйиклим есик қағып тур: «Есикти аш, әзизим, сүйиклим, Қумырым, минсиз сулыўым! Ҳөл болған басым шықтан, Шашларым түнги ызғардан».
3 Мен шешинип қойдым, Қалай және кийинемен? Аяқларымды жуўып қойдым, Қалай және патас қыламан?
4 Сүйиклим есик тесигинен қолын суққанда, Жүрегим толқынланып кетти.
5 Турдым сүйиклиме қапы ашпаға, Қолларымнан мирра тамды, Бармақларымнан ақты мирра, Есиктиң илдиргишине.
6 Сүйиклиме есик аштым, Бирақ ол кетип қалған екен. Оның кетип қалғанына, жүрегим езилди. Оны изледим, таба алмадым, Шақырдым, жуўап бермеди.
7 Қаланы айланып жүрген сақшылар, Мени услап алып, урып, жарақатлады, Сол дийўал сақшылары, Мениң жаўлығымды шешип таслады.
8 Ерусалим қызлары! Сизлерге жалбарынаман: Егер сүйиклимди ушыратсаңыз, Айтыңлар, ышқыдан қәстемен мен.
9 Сүйиклиңниң басқалардан неси артық, Ҳәй, гөззаллар гөззалы? Бизлерге жалбарынатуғындай, Сүйиклиңниң басқалардан неси артық?
10 Сүйиклим мениң қызыл жүзли, қуўатлы, Он мың адамның арасында айырылып турар.
11 Басы сап алтыннан, Шашлары буйра, Ғарғадай қара.
12 Көзиңниң қарашықлары суў жағасында, Сүтке шомылып, ләззетленип отырған, Қос қумырыға уқсайды.
13 Шекелери әтир таратып турған, Гүл бағына уқсайды. Еринлери мирра тамып турған, Лала гүлге уқсайды.
14 Қоллары сары яқыт тағылған, Алтын ҳасаға уқсайды. Денеси лазурит таслары менен қапланған, Пил сүйегинен исленген буйымға уқсайды.
15 Аяқлары алтын түбекке орнатылған, Мрамор сүтинге уқсайды. Түр-түси Лебанон таўларына уқсайды, Кедр ағашларындай саўлатлы.
16 Тили шийрин, Қәдди-қәўмети келискен. Усы мениң сүйиклим, усы мениң достым, Ҳәй, Ерусалим қызлары!