Қосықлар Қосығы 7 bob

Қурбы-қурдаслар: (1), Жигит: (2-10), Қыз: (11-14)

1 Қайт, шуламлы қыз, изге қайт! Сени бир көрейик, изге қайт!Қыз-жигитлер арасында аяқ ойынға түсип атырғандай, Не ушын мени көрежақсыз?
2 Қандай сулыў сандал кийген аяқларың, Ҳәй, ҳасылзаданың қызы! Домалақ бөкселериң зергердиң, Қолынан шыққан гәўҳар мысалы.
3 Киндигиң бәрқулла хош дәмли шарапқа толы, Домалақ кесе мысалы. Белиң лалалар менен оралған, Бийдай үйиндиси мысалы.
4 Қос анарың қос суўын, Егиз жейран мысалы.
5 Мойның пил сүйегинен қурылған минарадай, Көзлериң Бат-Раббим дәрўазасы жанындағы, Хешбон ҳәўизлериндей. Мурның Дамаскке қарап турған, Лебанон минарасындай.
6 Басың Кармел таўындай тик болып, Илпилдеген шашларың шым қызыл, Патша шашларыңа тутқын болды.
7 Қандай сулыўсаң, қаншелли сүйкимлисең, Ышқым кеткен сүйкимли жамалыңа!
8 Турпатың пальма ағашына, Қос анарың оның солқым-солқым жемисине мегзейди.
9 Мен: «Бул пальмаға өрмелейин, Услайын мийўели шақаларын», – дедим. Анарларың жүзим солқымларындай, Демиң алманың ийисиндей жупар,
10 Еринлериң ең жақсы шарапқа уқсар.Бул шарап сүйиклиме, Оның уйықлап атырған еринлерине қарай ақсын.
11 Мен сүйиклимдикимен, Ол да мени қумсайды.
12 Жүр сүйиклим, атызға барайық, Түнди қына гүллери арасында өткерейик.
13 Ерте турып, жүзимзарға барайық, Көрейик, жүзим путалары бүршик жарды ма, Олардың гүллери ашылды ма, Анар ағашлары да гүлледи ме? Сол жерде ышқымды саған бағышлайман.
14 Мәргия шөп хош ийисин аңқытпақта, Есигимиз алдында, Әлўан түрли жақсы мийўелер бар. Жаңасын да, ескисин де, Сен ушын сақладым, сүйиклим!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.