Қосықлар Қосығы 8 bob

Қурбы-қурдаслар: (5), Қыз: (6-7), Қыздың туўысқанлары: (8-9), Қыз: (10-12), Жигит: (13), Қыз: (14).

1 Қәнекей, туўысқанымдай болсаң еди, Анамның емшегин бирге емген! Көшеде көргенимде, сүйер едим, Ҳеш ким мени айыпламас еди.
2 Алдыңа түсип, Турмысқа таярлаған, Анамның үйине алып келер едим. Хош ийисли шараптан, Анарларымның суўынан ишкизер едим саған.
3 Сениң шеп қолың басым астында, Оң қолың менен мени аймалайды.
4 Ерусалим қызлары, сизлерге жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
5 Сүйиклисине сүйенип, Шөлден шығып киятырған ким екен?Алма ағашының астында, Анаң саған ҳәмиледар болған жерде, Ол толғатып, сени туўған жерде, Мен сени оятып алдым.
6 Сал мени жүрегиңе мөрдей қылып, Қолыңа мөрли жүзиктей қылып. Өйткени муҳаббат өлимдей қүдиретли, Қумарлық әзелдей күшли. Ышқының оты отлы жалындай жанар, Лаўлап жанған жалын киби.
7 Суўлар да муҳаббатты өшире алмас, Дәрьялар да оны ағызып кете алмас. Егер адам муҳаббат ушын бары-жоғын берсе де, Ол жек көринши болып, мазақ қылынар еди.
8 Бизлердиң кишкене қарындасымыз бар, Оның еле көкиреги де шықпаған. Оны айттырып келген күни, Қарындасымыз ушын не қыла аламыз?
9 Егер ол дийўал болса, Үстине гүмис минара қурар едик, Егер ол қапы болса, Оны кедр тахталар менен жаўып таслар едик.
10 Мен өзим дийўалман, Қос анарым минара мысалы, Сол себепли оның көзине, Бахытлы көриндим.
11 Сулайманның Баал-Ҳамонда, Жүзим бағы бар екен, Ол бағды сақшыларға тапсырыпты. Ҳәр бири оның жемиси ушын, Мың шекел гүмис төлеўи керек екен.
12 Мың гүмис теңге сеники болсын, ҳәй, Сулайман, Еки жүзи жемисин қорығандики болсын. Ал мениң жүзимзарым өзимдики, өзиме тийисли.
13 Ҳәй, бағларға мәкан басқан! Жолдасларым даўысыңды еситип тур, Даўысыңды тек мен еситетуғын болайын.
14 Асық сүйиклим! Жупар ийиси аңқыған таўлардағы, Жейрандай ямаса жас суўындай шапқыла.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.