Еремия 35 bob

Еремия ҳәм Рехаб нәсили (1-19).

1 Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳояким ҳүкимдарлық қылған дәўирде Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти:
2 – Рехабтың урпақларына барып, олар менен сөйлес. Оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бир бөлмесине алып келип, ишиў ушын шарап бер.
3 Мен Хабассинияның ақлығы Еремияның улы Язанияны, оның туўысқанлары менен балаларын ҳәм Рехабтың урпақларын ертип,
4 Қудайдың адамы болған Игдалия улы Хананның улларының Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бөлмесине алып бардым. Бул бөлме басшылардың бөлмесиниң қапталында, лаўазымлы руўханий Шаллум улы Маасеяның бөлмесиниң жоқарысында еди.
5 Кейин Рехабтың урпақларының алдына шарап толы гүзелер менен кеселерди қойып, оларға: – Шараптан ишиңлер, – дедим.
6 Бирақ олар былай деп жуўап берди: – Бизлер шарап ишпеймиз. Себеби бабамыз Рехаб улы Ионадаб былай деп буйрық берген: «Өзлериң де шарап ишпең, әўладларыңыз да ҳеш қашан шарап ишпесин.
7 Ҳеш қашан үй қурмаң, егин екпең, жүзим отырғызбаң. Булардан ҳеш бири сизлерде болмасын. Өйткени сизлер бәрқулла шатырларда жасаўыңыз тийис. Сонда көшип-қонып жүрген жерлериңизде узақ өмир көресиз».
8 Бизлер бабамыз Рехаб улы Ионадабтың барлық буйрықларын орынлап келемиз. Өзлеримиз де, ҳаялларымыз да, ул-қызларымыз да ҳеш қашан шарап ишпеймиз.
9 Жасаў ушын үйлер қурмадық. Бизлерде жүзимзар да, егислик атыз да, егин де жоқ.
10 Бизлер шатырларда жасаймыз. Бабамыз Ионадабқа қулақ асып, оның буйрықларын орынлап келемиз.
11 Бирақ Бабилония патшасы Набуходоносор бул елге ҳүжим қылғанда, бизлер «арамлылардың ҳәм калдейлердиң ләшкерлеринен қашып, Ерусалимге барамыз» – деп шештик. Сол себепли ҳәзир де Ерусалимде жасап атырмыз.
12 Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13 – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Барып, Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына былай деп айт: «Сизлер Мениң сөзлеримди тыңлаўды қашан үйренесиз? – дейди Жаратқан Ийе.
14 – Рехаб улы Ионадаб өз урпақларына шарап ишпеўди буйырды. Олар бабасының буйрығына бойсынып, усы күнге дейин шарап ишпейди. Ал Мен сизлерге қайта-қайта айтсам да, сизлер тыңламадыңыз.
15 Мен қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин алдыңызға жиберип: „Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди өзгертиң. Басқа қудайларға хызмет етиў ушын, оларға ермең. Сонда өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген жеримде жасайсызлар“, – дедим. Бирақ сизлер Мени тыңламадыңыз, Маған қулақ аспадыңыз.
16 Рехаб улы Ионадабтың урпақлары ата-бабаларының өзлерине берген буйрықларын орынлады, ал бул халық болса Мени тыңламады.
17 Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Өзим айтқан бәлелерди Яҳудада ҳәм Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адамның басына жаўдыраман. Себеби Мен оларға айттым, олар тыңламады. Оларды шақырдым, жуўап бермеди».
18 Рехаб урпағына болса, Еремия былай деди: – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер бабаңыз Ионадабтың буйрықларына бойсынып, оларға әмел қылып, өзлериңизге тапсырғанларының ҳәммесин орынладыңыз.
19 Сонлықтан Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Рехаб улы Ионадабтың урпағынан Мениң алдымда хызмет ететуғын адамның изи үзилмейди».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.