Жоқлаў 2 bob

Ерусалимниң жазаланыўы (1-22).

1 Әттегене-ай! Қалайынша Ийе ғәзеп атына минип, Қыз Сионды қара булт пенен қаплады. Ол Израилдың гөззаллығын, Көклерден жерге ылақтырды. Қәҳәри келген күни, Аяқ қойғышы болған Ибадатхананы еске алмады.
2 Яқыптың урпақларының пүткил мәканларын, Ийе аяўсыз жалмап жутты. Ғәзеби келип, қырып таслады, Қыз Яҳуданың қорғанлы қалаларын. Патшалығын ҳәм ҳүкимдарларын, Хорлап, жер менен жексен қылды.
3 Ғәзеби қайнап, Израилдың пүткиллей шақын сындырды. Душпан ҳүжим қылғанда, Оң қолын Израилдың үстинен тартып алды. Дөгеректи жалмайтуғын жалындай болып, Яқыптың журтын жандырып жиберди.
4 Ол душпан киби оқ жайын тартып, Жаў киби оң қолын иске салды. Көзге жағымлы көрингенлердиң ҳәммесин өлтирип, Қыз Сионның шатырының үстине, Ғәзебин от киби төкти.
5 Ийе душпандай болып, Израилды жалмап жутты. Барлық сарайларын жалмап жутып, Қорғанлы қалаларын ўайран етти. Қыз Яҳуданың пәриядын, Аҳыў-наласын арттырды.
6 Ибадатханасын бағдағы қостай етип қулатты, Жыйналатуғын орынды қарабақанаға айландырды. Жаратқан Ийе Сионда белгиленген байрамларды, Шаббат күнлерин умыттырды. Қәҳәр-ғәзепке минип, Патша ҳәм руўханийлерден жүз бурды.
7 Ийе Өз қурбанлық орнынан ўаз кешти, Мухаддес мәканын тәрк етти. Ибадатхана имаратын, Душпан қолына берди. Жаратқан Ийениң Үйинен шыққан душпан шаўқымы, Байрам күниндеги даўысқа мегзеди.
8 Жаратқан Ийе қыз Сионның дийўалын, Ўайран қылыўды шешти. Ол жақсылап жобаластырды, Ырайынан қайтпай, ҳәммесин набыт қылды. Солай етип, сыртқы ҳәм ишки дийўаллар аза тутпақта, Екеўи де ҳалдан тайды.
9 Дәрўазасын топыраққа былғап, Ийе тәмбилерин сындырып, жоқ қылды. Патшасын ҳәм көсемлерин, Жат миллетлер арасына сүргин қылды. Енди халыққа Қудайдың нызамлары үйретилмейди, Пайғамбарларына да Жаратқан Ийеден аян келмейди.
10 Қыз Сионның ақсақаллары, Тил қатпастан жерде отырыпты, Басларына топырақ шашып, Аза кийимин кийип алған. Басларын төмен салбыратып алған, Ерусалимниң жас қызлары да.
11 Жас төгиўден көзлерим талды, Қәлбим өртенбекте. Халқымның набыт болғаны зардабынан, Жүрегим тилким-тилким болмақта. Себеби қала көшелеринде, Балалар ҳәм нәрестелер естен танып жатырыпты.
12 Олар: «Нан менен суў бер», – деп, Аналарына пәрияд қылмақта, Жарадар киби, қала көшелеринде естен танып, Аналарының баўырында жан тәслим қылмақта.
13 Мен саған не айтайын? Сени неге мегзетейин, о, қыз Ерусалим? О, пәк қыз Сион! Жубатыўым ушын, сени неге теңейин? Жарақатың теңиздей терең, Саған ким шыпа бере алады?
14 Пайғамбарларың көрген аянлар, Жалған ҳәм мәниссиз болып шықты. Абаданшылығыңды қайта тиклеў ушын, Қылмысларыңды бетиңе айтпады. Олар көрген жалған аянлар, Сени жолдан шығарды.
15 Жолдан өткенлер қол шошайтып, Қыз Ерусалим, сени табалап, бас шайқап: «Гөззаллық көрки, Пүткил дүньяның қуўанышы делинген қала усы ма?» – дейди.
16 Барлық душпанлар саған аўзын кең ашып, Табалап, тислерин қайрайды. «Бизлер оны жалмап жуттық! Мине, биз күткен күн! Ақыры бул күнге де жеттик, оны көрдик!» – дейди.
17 Жаратқан Ийе Өз нийетин әмелге асырды. Әййемги заманларда айтқанындай, Айтқан сөзин орынлады, Сени аяўсыз набыт қылды. Аўҳалыңа душпанларды шад қылды, Жаўларыңды күшке толтырды.
18 Ийеге қатты жалбарын! Ҳәй, қыз Сионның дийўалы! Күндиз-түни көз жасыңды дәрья киби ағыз, Өзиңе тынышлық берме, Көз жасың ҳасла тоқтамасын!
19 Тур, түни менен қайта-қайта жалбарын, Кеўлиңдегини Ийе дәргайында суў киби төк! Ҳәр бир көшениң басында, ашлықтан қулап атырған, Перзентлериңниң жаны ушын, Қол жайып, Оған жалбарын.
20 Қара, Жаратқан Ийе, халқыңның аўҳалын көр! Қайсы халықты бундай аўҳалға салған едиң? Ҳаяллар еркелетип өсирген балаларын жей ала ма? Руўханий ҳәм пайғамбарлар Мухаддес мәканда өлтириле ме?
21 Жасы-ғаррысы көшеде шаңға былғанып жатыр, Қыз-жигитлерим қылыштан қырылды. Ғәзебиң келген күни Сен оларды өлтирдиң, Ҳәммесин аяўсыз баўызладың.
22 Белгиленген байрам күниндегидей шақырып, Ҳәр тәрептен маған қарсы душпанларды жыйнадың. Жаратқан Ийениң ғәзеби келген күни, Ҳеш ким қашып қутыла алмады, Бирде биреўи жан сақлап қала алмады, Еркелетип өсиргенлеримди душпаным қырып таслады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.