Жоқлаў 3 bob
1 Қудайдың ғәзеп таяғын жеп, Азап шеккен адамман мен.
2 Ол мени айдап апарып, Жақты түспейтуғын қараңғылықта жүргизди.
3 Пүткил күн даўамында қайта-қайта, Тек маған қарсы қолын көтерди.
4 Етимди, теримди тоздырып, Сүйеклеримди сындырды.
5 Мени қамал қылып, Ҳәсиретли аўырманлық пенен қоршап алды.
6 Әзелде әлемнен өткенлер сыяқлы, Мени қараңғылықта жасаўға мәжбүрледи.
7 Қашпаўым ушын, әтирапымды дийўал менен қоршады, Аўыр шынжырлар менен кисенледи.
8 Пәрияд етип, жалбарынғанымда да, Ол дуўамды қабыл қылмады.
9 Жонылған таслар менен жолымды тосып, Соқпақларымды былғастырып таслады.
10 Қудай мен ушын буққыдағы айыўға, Жасырын жатқан арысланға уқсайды.
11 Ол мени жолымнан шығарып, тилкимледи, Дәрмансыз жалғыз қалдырды.
12 Оқ жайын керип, Мени оғына нышан қылды.
13 Оқ қалтасынан оқлар алып атып, Баўырымды тести.
14 Мен пүткил халқыма күлки болып, Күн бойы айтатуғын қосығына айландым.
15 Ол мени ашшы ҳәсиретке тойдырып, Жуўсанның ашшы суўын иштирди.
16 Өзимди топыраққа былғап, Тас пенен тислеримди сындырды.
17 Жаным тынышлықтан маҳрум болды, Бахыттың не екенин умыттым.
18 Өзиме өзим: «Шыдамым таўысылды, Жаратқан Ийеге болған үмитим сөнди», – дедим.
19 Азабым ҳәм сергизданлығым туўралы ойласам, Ашшы жуўсан ҳәм зәҳәр ишкендей боламан.
20 Жаным буны үзликсиз еске алып, Ишимде езилип атыр.
21 Бирақ мынаны жүрегиме түйип, Соннан үмит етемен:
22 Жаратқан Ийениң сүйиспеншилиги себепли, Биз жоқ болып кетпедик, Оның реҳимлилиги таўысылмайды.
23 Ҳәр күни азанда олар жаңара береди, Оның садықлығы уллы!
24 Мен ишимнен: «Жаратқан Ийе – мениң бар-жоғым, Сонлықтан мен Оған үмит байлайман», – дедим.
25 Жаратқан Ийе Өзине үмит байлағанларға, Өзин излегенлерге жақсылық қылады.
26 Жаратқан Ийениң қутқарыўын, Үнсиз күткен жақсы.
27 Жаслықта мойынтырыққа үйренген жақсы.
28 Адам үнсиз, жалғыз отырсын, Себеби бул аўырманлықты Жаратқан Ийе салды.
29 Ет бетинен жерге жығылсын, Бәлким, еле үмит бар шығар.
30 Өзин урғанға шекесин тутсын, Көрген хорлықты ишине жутсын.
31 Себеби Ийе, мәңгиге таслап қоймайды.
32 Ол қайғы келтирген болса да, Уллы мийрими менен реҳим қылады.
33 Адамзатты жазалап, азар берсе де, Буларды Ол жүрек қәлеўи менен қылмайды.
34 Үлкедеги барлық тутқынлар, Аяқ астында езилгенде,
35 Қудай Тааланың дәргайында, Адам ҳуқықынан маҳрум болғанда,
36 Даўа исинде адамға әдалатсызлық қылынғанда, Ийе буларды көрмей ме?
37 Буларды Ийениң Өзи буйырмаса, Ким айтып, жүзеге асырады?
38 Жаманлық та, жақсылық та, Қудай Тааланың аўзынан шықпай ма?
39 Өз гүналары ушын жазасын алса да, Тири қалған екен, адам неге шағым етсин?
40 Жолларымызды тексерип, сынап көрейик, Жаратқан Ийеге қайтып барайық.
41 Келиң, көклердеги Қудайға қолларымызды созып, Жүрегимизди ашып былай дейик:
42 «Бизлер қылмыс ислеп, бас көтердик, Сен де бизлерди кеширмедиң.
43 Ғәзепке минип, бизлерди қуўдаладың, Аяўсыз өлтирдиң.
44 Дуўаларымыз еситилмеўи ушын, Өзиң бултларға бүркенип алдың.
45 Бизлерди миллетлер арасында, Тасланды ҳәм сыпырындыққа айландырдың.
46 Барлық душпанларымыз аўзын кең ашып, Бизлерди табалады.
47 Қәўип ҳәм ҳийле, Қыйраў ҳәм ўайраншылық басымызға түсти».
48 Халқымның набыт болғаны себепли, Көз жасларым сел болып ағады.
49 Көз жасым тоқтамай, үзликсиз аға береди,
50 Жаратқан Ийе көклерден нәзер салып, көрмегенше.
51 Қаламдағы барлық қызлардың аўҳалын көрип, Жүрегим қайғы-ҳәсиретке батқан.
52 Ҳеш қандай себепсиз, Душпанларым мени қустай аўлады.
53 Жанымды алыў ушын шуқырға таслады, Үстимнен тас атты.
54 Суў басымнан асып кетти, Мен, өлдим деп ойладым.
55 Шуқырдың түбинен, Атыңды айтып шақырдым, о, Жаратқан Ийе.
56 «Қулағыңды жаўма, дадымды есит», – дедим. Сен жалбарынғанымды еситтиң.
57 Шақырғанымда, Сен маған жақынлап: «Қорқпа», – дедиң.
58 Ийе, Сен даўа-арзымды қорғап, Өмиримди сақлап қалдың.
59 Жаратқан Ийе, маған қылынған наҳақлықты Сен көрдиң, Даўама ҳақ ҳүкимиңди шығар.
60 Олардың қалай өш алмақшы екенин, Маған қарсы дүзген жобасын көрдиң.
61 Жаратқан Ийе, олардың мени қалай хорлағанын, Маған қарсы дүзген жобасын,
62 Душпанлардың күн бойы мениң үстимнен, Қалай гәп қылғанларын еситтиң.
63 Оларға нәзер сал! Отырса да, турса да, Мени қосық қылып, үстимнен күледи.
64 Оларға қоллары менен ислеген исине жараса, Жазасын бер, Жаратқан Ийе!
65 Олардың жүреклерин түнекке бүрке, Сениң ғарғысың үстилерине жаўсын!
66 Ғәзеп пенен олардың изинен қалмай, Көклериңниң астынан оларды жоқ қыл, Жаратқан Ийе!