Жоқлаў 5 bob

Реҳим сорап дуўа етиў (1-22).

1 О, Жаратқан Ийе, басымызға түскенлер туўралы ойлап көр. Қара, қандай хор болғанымызды көр!
2 Бизге берген жериң жат жерлилерге, Үйлеримиз келгиндилерге қалды.
3 Бизлер әкесиз жетим болып қалдық, Аналарымыз жесирге айланды.
4 Суўымызды пул төлеп ишемиз, Отынымызды да сатып аламыз.
5 Мойнымызға мойынтырық салып жумсамақта, Қатты шаршадық, тынышлықтан жуда болғанбыз.
6 Қарнымызды тойдырыў ушын, Мысыр менен Ассирияға қол создық.
7 Ата-бабаларымыз гүна иследи, бирақ енди өзлери жоқ. Бизлер болсақ, олардың қылмысы ушын жазаланбақтамыз.
8 Қуллар үстимизден ҳүкимдарлық қылмақта, Олардың қолынан қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.
9 Даладағы қарақшының қылышы себепли, Жанымызды қәўип астына қойып нан табамыз.
10 Ашлықтың дәртинен, Тандырдан шыққандай лаплап тур теримиз.
11 Сионда ҳаяллардың, Яҳуда қалаларында қызлардың намысына тийди.
12 Жолбасшыларымыз олардың қолы менен асып қойылды, Ақсақалларымыз ҳүрмет етилмеди.
13 Жигитлер дигирман тартпақта, Балалар аўыр отын астында тентиреклемекте.
14 Ақсақаллар қала дәрўазасында мәсләҳәтлесип отырмайтуғын болды, Жас жигитлер артық қосық айтпайтуғын болды.
15 Жүрегимизди шадлық тәрк етти, Ойын-күлкимиз азаға айланды.
16 Басымыздан тажымыз түсип қалды, Гүна ислегенимиз ушын сорымыз қурыды!
17 Жүрегимиз түңилди, Жылай берип, көзлеримиз гүңгиртлести.
18 Себеби Сион таўы ҳүўлеп босап қалды, Сағаллар ол жерде ызғып жүр.
19 Сен болсаң, о, Жаратқан Ийе, мәңгиге ҳүкимдарлық қыласаң, Сениң тахтың әўладтан-әўладқа даўам етеди.
20 Неге Сен бизлерди пүткиллей умыттың? Неге бизлерди узақ ўақыт таслап қойдың?
21 Жаратқан Ийе, бизлерди Өзиңе қайтар, Бизлер қайтайық, Бизлерге бурынғы күнлеримизди қайтарып бер.
22 Сен бизлерден пүткиллей ўаз кешкен болсаң да, Ғәзебиң шексиз болса да, солай қыл.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.