Езекиел 13 bob

Жалған пайғамбарлардың жазаланыўы (1-23).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, ҳәзир пайғамбаршылық қылып атырған Израил пайғамбарлары менен сөйлес. Өзлигинен пайғамбаршылық қылып атырғанларға айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3 Қудай Ийе былай дейди: Ҳеш нәрсе көрмей, аянларды өзлери қыялынан шығарып жүрген ақылсыз пайғамбарлардың соры қурысын!
4 Израил, сениң пайғамбарларың қарабақаналар арасындағы сағалларға уқсайды.
5 Жаратқан Ийениң күни келгенде, Израил халқы саўашта беккем турыўы ушын, олар дийўалларға шығып, олардың опырылған жерлерин дүзетпеди.
6 Олардың аянлары өтирик, ашқан паллары жалған. Оларды Жаратқан Ийе жибермеген болса да: „Жаратқан Ийе усылай айтады“, – деп жәриялайды ҳәм сол сөзлердиң орынланыўын күтеди.
7 Мен айтпаған болсам да: „Буны Жаратқан Ийе айтады“, – дегениңизде, жалған аянлар көрип, өтирик болжаўларды айтпадыңыз ба?
8 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлердиң сөзлериңиз өтирик ҳәм аянларыңыз жалған. Буның ушын Мен сизлерге қарсы шығаман, – дейди Қудай Ийе.
9 – Жалған аянлар көрип, өтирик болжаўлар айтатуғын пайғамбарларға қарсы қолымды көтеремен. Олар Мениң халқымның кеңесинде қатнаспайды, Израил халқының дизимине тиркелмейди ҳәм Израил жерине кирмейди. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.
10 Себеби бул пайғамбарлар тынышлық болмайтуғын болса да, тынышлық болатуғынын айтып, Мениң халқымды азғырды. Олар ҳәлсиз дийўалды ҳәклегендей қылды.
11 Оларды ҳәклеп атырғанларға дийўалдың қулайтуғынын айт. Нөсер жаўын қуйып, үлкен буршақ жаўып, күшли даўыл көтериледи.
12 Дийўал қулағанда, адамлар жаққан ҳәгиңиздиң қаяқта екенин сорамай ма?
13 Енди Қудай Ийе былай демекте: Мен ғәзепленип, күшли даўыл турғызаман, қәҳәрим менен нөсер ҳәм буршақ жаўдырып, дийўалды опат қыламан.
14 Сизлер ҳәклеген дийўалды қулатып, жер менен жексен етемен, оның түби көринип қалады. Дийўал қулағанда, сизлер астында қалып, набыт боласыз. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
15 Мен дийўалға ҳәм оны ҳәклегенлерге ғәзебимди толық шашып, сизлерге: „Дийўал да, оны ҳәклегенлер де жоқ болды,
16 яғный Ерусалимде тынышлық болмайтуғын ўақытта тынышлықтың келетуғынын айтып, пайғамбаршылық қылған Израилдың пайғамбарлары жоқ болды“, – деймен, – дейди Қудай Ийе».
17 – Ал енди, инсан улы, өзинше пайғамбаршылық етип жүрген халқыңның ҳаял-қызларына жүзиңди бур да, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.
18 Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәр бир адамның жанын аўлап, олардың қолларына тумар таққан ҳәм адамлардың басына түрли өлшемдеги жапқыш тиккен ҳаяллардың соры қурыйды! Халқымның жанына қаслық қылып, өз жанымды сақлап қаламан деп ойлайсыз ба?
19 Бир неше уўыс арпа ҳәм бир неше тислем нан ушын, халқымның алдында Мени хорладыңыз. Жалғанға ҳәўес болған халқыма өтирик сөйлеп, өлиўге тийисли болмаған адамды өлтирдиңиз, өлиўи керек адамның жанын аман сақлап қалдыңыз.
20 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен сизлердиң адам жанын қус киби аўлап атырған тумарларыңызға қарсыман. Оларды қолларыңыздан жулып аламан, қус киби аўлаған жанларыңызды азат қыламан.
21 Жапқышларыңызды да жыртып, халқымды қолыңыздан қутқараман. Олар енди сизлерге олжа болмайды. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
22 Мен ҳақ адамға зыян келтирмекши болмасам да, сизлер өтирик пенен оны үмитсизлендирдиңиз. Сизлер наҳақ адамды қоллап қуўатладыңыз. Сонлықтан олар жаман жолынан қайтпады ҳәм жанын сақлап қала алмады.
23 Сол себепли енди сизлер жалған аянлар көрмейсиз ҳәм пал ашпайсыз. Мен халқымды сизлердиң қолыңыздан қутқараман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.