Даниел 2 bob
1 Өз ҳүкимдарлығының екинши жылында Набуходоносор бир түс көрди. Түси оны соншелли тынышсызландырып жибергенликтен, уйқысы қашты.
2 Патша түсиниң жорылыўын билиў ушын, қол астындағы барлық палкерлерди, порханларды, жулдыз изертлеўшилерди ҳәм данышпанларды шақыртты. Олар патшаның алдына келгенде,
3 патша оларға: – Бир түс көрдим. Мени тынышсызландырған бул түстиң мәнисин билгим келеди, – деди.
4 Данышпанлар патшаға арамей тилинде былай деди: – Мырзамыз патшаның өмири узақ болсын! Түсиңизди айтып бериң, бизлер оны жорып берейик.
5 Патша оларға былай деди: – Мениң кескин қарарым мынадай: егер сизлер маған көрген түсимди ҳәм оның жорылыўын айтып бермесеңиз, мен сизлерди жазалап, денелериңизди бөлеклеп таслайман, ал үйлериңизди болса ўайран қылып, бир үйинди тасқа айландыраман.
6 Ал егер де түсимди айтып, оны жорып берсеңиз, онда сизлерге баҳалы саўғалар берип, ҳүрмет-иззет көрсетемен. Буның ушын, мениң түсимди айтып, оны жорып бериң.
7 Олар патшаға және: – Тақсыр, алды менен көрген түсиңизди айтып бериң, бизлер оны жорыймыз, – деди.
8 Патша оларға былай деди: – Сизлер мениң қарарымның қатаң екенин көрип, ўақыттан утыўды қәлеп атырғаныңызды билип турыппан.
9 Егер түсимди айтып бермесеңиз, сизлерди тек ғана бир жаза күтип турыпты. Сизлер мени алдастырып, жағдай өзгергенше ўақытты созыўды келисип алғансыз. Қәне, түсти маған айтып бериң, сонда оны жорый алатуғыныңызды да билемен.
10 Данышпанлар патшаға: – Жер жүзинде сизиң бул талабыңызға жуўап бере алатуғын бирде бир жан жоқ. Уллы ҳәм қүдиретли болған патшалардың ҳеш бири де палкерден, порханнан ҳәм данышпаннан бундай нәрсени талап қылмаған.
11 Тақсыр, сиз бизлерге қыйын болған талапты қойып атырсыз. Адамлар арасында жасамайтуғын қудайлардан басқа буны патшаға айтып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деп жуўап берди.
12 Бул сөзлерге ғәзепленген патша Бабилондағы барлық данышпанларды өлтириўди буйырды.
13 Солай етип, ҳәммесиниң өлтирилиўи ушын буйрық шықты. Даниел ҳәм оның досларын да өлим жазасы күтип турған еди.
14 Патша сақшыларының баслығы Арйох Бабилондағы барлық данышпанларды өлтириў ушын жолға шыққанда, Даниел оның алдына барды ҳәм ақыл-парасат пенен оған хабарласып:
15 «Не ушын патша бундай қатаң буйрық шығарды?» – деп сорады. Арйох болған ўақыяны Даниелге айтып берди.
16 Сонда Даниел патшаның алдына кирип, түстиң жорылыўын табыў ушын мәўлет сорады.
17 Кейин Даниел үйине қайтып, болып өткенлерди дослары Ханания, Мишаел ҳәм Азарияға айтып берди ҳәм оларға:
18 «Бабилон данышпанлары менен бирге өлмеўимиз ушын, аспандағы Қудайға жалбарының. Ол бизлерге реҳим көрсетип, сол сырды ашып бериўин сораң», – деди.
19 Сол түни Даниелге бул сыр аян арқалы ашылды ҳәм Даниел аспандағы Қудайға алғыс-мақтаўлар айтып:
20 «Қудайымыз дана ҳәм қүдиретлидур, Оның аты мәңгиге жарылқансын!
21 Ол заманды ҳәм дәўирди өзгертер, Патшаларды тахттан түсирип, тахтқа отырғызар. Данышпанларға даналық, Ақыллыларға билим берер.
22 Ол терең ҳәм сырлы затларды ашады, Қараңғылықта жасырынған нәрселерди биледи, Оның дөгереги жарықлық пенен қоршалған.
23 Ата-бабаларымның Қудайы, Саған алғыс айтып, Сени мақтайман, Сен маған даналық ҳәм күш бердиң, Сорағанымызды маған ашып берген Сенсең, Патша сораған нәрсени бизлерге көрсеткен Сен боласаң», – деди.
24 Даниел Бабилон данышпанларын өлтириў ушын патша тәрепинен тайынланған Арйохтың алдына барып: – Бабилон данышпанларын өлтирмең. Мени патшаның алдына алып барың, мен ол көрген түсти жорып беремен, – деди.
25 Арйох дәрҳал Даниелди патшаның алдына алып барып: – Тақсыр, Яҳуда тутқынларының арасынан түсиңизди жорыйтуғын бир адамды таўып келдим, – деди.
26 Патша Белтешассар деп аталған Даниелге: – Сен маған көрген түсимди ҳәм оның жорылыўын айтып бере аласаң ба? – деп сорады.
27 Даниел патшаға былай деп жуўап берди: – Тақсыр, бул сырды данышпан да, порхан да, палкер де, болжаўшы да сизге ашып бере алмайды.
28 Бирақ аспандағы Қудай усыған уқсаған сырларды ашып бере алады. Мырзамыз Набуходоносор, Ол сизге келешекте не болатуғынын аян қылмақшы. Сиз көрген түс ҳәм аян мынадай еди:
29 Тақсыр, сиз жатып, келешек ҳаққында ойладыңыз. Сонда сырларды ашып бериўши Қудай сизге келешекте не жүз беретуғынын билдирди.
30 Маған бул сыр даналығым басқалардикинен зыят болғаны ушын ашылмады, ал патшамның көрген түсиниң жорылыўын билиўи ушын ҳәм жүрегинде болған ой-пикириниң мәнисин түсиниўи ушын ашылды.
31 Тақсыр, сиз түсиңизде нәҳән бир мүсин көрдиңиз. Алдыңызда турған сол мүсин оғада үлкен ҳәм жүдә жарқыраған еди. Және де, оның көриниси қорқынышлы еди.
32 Мүсинниң басы сап алтыннан, көкирек ҳәм қоллары гүмистен, бели ҳәм санлары қоладан,
33 балтырлары темирден, аяқларының бир бөлеги темирден, бир бөлеги ылайдан еди.
34 Сиз қарап турғаныңызда, адамзаттың қолы тийместен бир тас қопарылып, мүсинниң темир ҳәм ылайдан болған бөлегине урылды да, оны майдалап таслады.
35 Темир, ылай, қола, гүмис ҳәм алтын майдаланып, жазғы қырмандағы қаўықтай болып қалды. Самал оларды ушырып жиберип, ҳеш нәрсе қалмады. Мүсинге урылған тас болса, үлкен таў болып, пүткил жер жүзин толтырып жиберди.
36 Бул сизиң көрген түсиңиз еди. Енди болса, түсиңиздиң жорылыўын айтып берейин.
37 Патша, сиз патшалар патшасысыз. Аспандағы Қудай сизге патшалық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм уллылық берген.
38 Ол жерде жасап атырған барлық адамзатты, ҳәттеки, даладағы жабайы ҳайўанларды ҳәм аспандағы қусларды сизиң қолыңызға тапсырып, олардың үстинен ҳүкимдар етип қойды. Алтын бас – бул сизсиз.
39 Ал сизден кейин басқа бир патшалық аяққа турады. Ол патшалық сизден ҳәлсизлеў болады. Оннан кейин пүткил дүньяны ийелейтуғын қоладан болған үшинши патшалық ҳүкимдарлық қылады.
40 Буннан соң келетуғын төртинши патшалық темирдей қатты болады. Темир ҳәмме нәрсени сындырып жоқ қылғанындай, сол патшалық та өзинен алдын болған патшалықты бузып, жоқ қылады.
41 Сиз мүсинниң балтырдан төмени менен аяқ бармақларының бир бөлегиниң ылайдан, бир бөлегиниң темирден екенин көрдиңиз, бул бөлинген патшалық болады. Ылай темир менен қарылғаны ушын, демек бул патшалықтың күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплери болады.
42 Аяқтың бармақларының бир бөлеги темирден ҳәм бир бөлеги ылайдан болғаны сыяқлы, патшалықтың да бир бөлеги күшли, бир бөлеги ҳәлсиз болады.
43 Темир менен ылайдың қарылыўы – бул халықлардың бир-бирине қуда-тамыр болып араласып, беккем болғысы келетуғынын билдиреди. Бирақ темир ылай менен бирикпегени сыяқлы, олар да бир-бири менен бирлесе алмайды.
44 Сол патшалардың дәўиринде аспанның Қудайы мәңги ҳәм ҳеш бир халықтан жеңилмейтуғын бир патшалық орнатады. Бул патшалық басқа барлық патшалықларды жоқ қылып, өзи мәңги турады.
45 Таўдан адамзаттың қолы тиймей-ақ тастың өзи түсип, темир, қола, ылай, гүмис ҳәм алтынды майдалап таслағанын көрдиңиз. Уллы Қудай келешекте болатуғынларды сизге билдирген. Сизиң көрген түсиңиз ҳақыйқат, жорылыўы да дурыс.
46 Сонда патша Набуходоносор Даниелди ҳүрмет етип, оның алдында ет-бети менен жерге жығылды. Кейин өз адамларына Даниел ушын сыйлар әкелиўди ҳәм хош ийисли затларды бериўди буйырды.
47 Патша Даниелге былай деди: – Шынында да, сениң Қудайың сырларды ашып беретуғын қудайлардың Қудайы, патшалардың Ийеси екен. Өйткени мениң сырларымды тек ғана сен ашып бере алдың!
48 Буннан соң, патша Даниелди жоқары мәртебеге көтерип, көп баҳалы саўғалар менен сыйлықлады ҳәм оны Бабилон ўәлаятының ҳүкимдары ҳәм Бабилондағы пүткил данышпанлар үстинен басшы етип тайынлады.
49 Даниелдиң илтимасы менен, патша Бабилон ўәлаятын басқарыўды Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоға тапсырды. Даниелдиң өзи патшаның сарайында хызмет етип қалды.



































