Иоел 1 bob

Шегирткелердиң жерди қаплап алыўы (2-12), Тәўбеге шақырылыў (13-20).

1 Петуел улы Иоелге Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 Ҳәй, ақсақаллар, тыңлаңлар, Елде жасап атырған ҳәр бир адам, қулақ салыңлар, Сизиң заманыңызда ямаса ата-бабаларыңыздың дәўиринде, Жүз берген бе еди усындай апат?
3 Айтып бериң бул ҳаққында балаларыңызға, Балаларыңыз баянлап берсин балаларына, Олардың балалары жеткизсин кейинги әўладына.
4 Шекшеклерден қалғанын шегирткелер жеди, Олардан аўысқанын қоңызлар жеди, Қоңызлардан аўысқанын қуртлар жеди.
5 Ҳәй, мәскүнемлер ояның ҳәм жылаң! Ҳәй, шарап ишиўшилер, шарабыңыз ушын дад салың! Өйткени таза шарабыңыз аўзыңыздан тартып алынды.
6 Бастырып келди жериме күшли ҳәм сансыз бир халық, Тислери арыслан тислерине уқсар, Арысландай гүрек тислери де бар.
7 Ўайран қылды жүзим ағашларымды, Жалаңашлап таслады әнжир ағашларымды, Шақаларының қабықларын сылып таслады, Ҳәммеси аппақ талдай болып қалды.
8 Күйеўинен айырылып, аза кийим кийген, Жас келиншектей дад салың.
9 Жаратқан Ийениң үйинде тоқтады ғәлле ҳәм ишимлик садақасы, Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған руўханийлер аза тутып атыр.
10 Егислик майданлар босап қалды, дад салмақта далалар, Өйткени жоқ етилди бийдайлар, Таўысылды жаңа шарап, зәйтүн майы да ақпай, тоқтап қалды.
11 Бийдай ҳәм арпа ушын қайғырың, ҳәй, дийханлар! Дад салың, ҳәй, бағманлар, Себеби атызыңыздың өнимлери жоқ болды.
12 Жүзим шақалары қуўрады, әнжир ағашлары солыды, Анар, пальма, алма ағашлары, Барлық мийўе ағашлары қуўрады. Адамзаттың қуўанышы жоқ болды.
13 Руўханийлер, аза кийим кийип, жас төгиң, Қурбанлық орындағы хызметтегилер, дад салың, Ҳәй, Қудайымның хызметинде жүргенлер, Ибадатханаға келип, түнди аза кийим менен өткериң. Өйткени Қудайыңыздың Ибадатханасы ушын, Ғәлле ҳәм ишимлик садақасы қалмады.
14 Ораза ушын күн белгилең, Салтанатлы жыйналыс жәриялаң. Ақсақалларды ҳәм бул жерде жасайтуғынлардың ҳәммесин, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң үйине жыйнаң, Жаратқан Ийеге ҳәммеңиз жалбарының!
15 Сол күн, яғный Жаратқан Ийениң күни жақындур, Қүдирети күшли Қудайдың жиберетуғын апаты сыяқлы келеди сол күн.
16 Азық-аўқатымыз жоқ етилди көз алдымызда, Қудайымыздың үйинде қуўаныш ҳәм шадлық тамам болған жоқ па?
17 Туқымлар ширип кетти кесеклер астында, Ғәлле өнимлери қуўрап қалғанлығы себепли, Ғәллеханалар босап, телеклер бузылды.
18 Ыңырсып атыр маллар! Гезип жүрипти падалар, Өйткени қуўрап қалған жайлаўдағы отлар, Қой сүриўлери де қыйналып қалған.
19 Жаратқан Ийе, Саған жалбарынаман. Өйткени жалын жалмады жайлаўларды, От өртеди даладағы барлық ағашларды.
20 Ҳәттеки, жабайы ҳайўанлар да Саған жалбарынып атыр, Себеби сай ҳәм булақлар қурып қалды, От жалмады даладағы жайлаўларды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.