Иоел 2 bob
1 Сионда кәрнай шертиңлер! Мухаддес таўымда дабыл урыңлар! Қорқыўдан титиресин бул жерде жасайтуғынлар, Өйткени киятыр Жаратқан Ийениң күни, Ол жүдә жақын.
2 Бул күн қараңғы, тас түнек, Бултлы ҳәм қап-қараңғы болар. Таўлардың үстинен жайылған таң нуры яңлы, Сансыз ҳәм күшли бир ләшкер ордасы киятыр. Әўеллери бундай ҳеш жүз бермеген, Әўладлар бойы да ҳеш қашан болмас.
3 Олардың алдында жалмайтуғын от, Артында лаўлаған жалын жанар. Алдындағы Эден бағы сыяқлы жерлер, Олар өткеннен кейин, изсиз шөлге айланады. Ҳеш нәрсе қашып қутыла алмас олардан.
4 Олардың көриниси атларға уқсайды, Саўаш атларындай дүсирлеседи.
5 Таў төбесине шығып атырған, Саўаш арбасының даўысындай дүсирлейди, Сабанды жандырып атырған жалындай тысырлайды, Саўашқа сап тартып, жүрис қылған, Күшли ләшкер ордасының шаўқымына уқсайды.
6 Олардың алдында қорқынышқа түседи халықлар, Ҳәммениң жүзи солып, ағарып кетеди.
7 Баҳадырлардай ҳүжим қылады олар, Батыр әскерлер сыяқлы дийўалларға өрмелеп минеди. Олар сап тартыўы менен алға басып, Ҳеш бири өз жолынан шетке шықпайды.
8 Бир-бирин ийтерип, түртпестен, Ҳәммеси сапты бузбай қәдем басады. Жаўдың қураллы бөгетлерин жарып өткенде де, Оларды ҳеш нәрсе тоқтата алмас.
9 Олар қалаға бастырып кирип, Дийўаллардан өрмелеп өтеди, Үйлерге тырмасып минип, Урыдай терезеден кирер.
10 Олардың алдында жер силкинеди, Аспан қалтырап турады. Қуяш ҳәм ай қарайып кетеди, Жулдызлардың нуры сөнеди.
11 Даўысы гүркиреп, Жаратқан Ийе ордасын баслап барады, Сансыздур Оның ләшкерлери, Оның буйрығына бойсынатуғынлар қүдиретли. Жаратқан Ийениң сол күни уллы ҳәм қорқынышлы! Сол күнге ким шыдай алар екен?!
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәзир ораза тутып, жылап ҳәм көз жас төгип, Пүткил жүрегиңиз бенен Маған қайтың.
13 Кийимиңизди емес, жүреклериңизди жыртың». Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтың. Себеби Жаратқан Ийе мийримли, реҳимли, Сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги шексиз. Жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай.
14 Ким биледи, Ол райынан қайтып, реҳим қылыўы мүмкин? Кейин берекет береди. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийеге, Ғәлле ҳәм ишимлик садақаларыңызды усынарсыз.
15 Сионда кәрнай шертиң, Ораза ушын күн белгилең, Сол күни салтанатлы жыйналыс жәриялаң.
16 Жыйнаң халықты, Пәклең жәмийетти, Қартайғанларды бир жерге шақырың, Балаларды, ҳәттеки емизиўли бөпелерди алып келиң. Және де, күйеў өз бөлмесинен шықсын, Келиншек шымылдықтан шығып келсин.
17 Руўханийлер, Жаратқан Ийениң хызметкерлери, Жыласын Ибадатхананың айўаны менен қурбанлық орын арасында, Жалбарынсын олар былай деп: «Жаратқан Ийе, Өз халқыңа реҳим қыл, Мүлкиң әпсанаға айланып, масқара болмасын басқа миллетлер арасында, Халықлар: „Олардың Қудайы қаяқта?“ – деп мазақ қылмасын».
18 Сонда Жаратқан Ийе жаны ашып, Реҳим қылды Өз халқына.
19 Былай деп жуўап берди Ол халқына: «Мине, сизлерге беремен ғәлле, жаңа шарап ҳәм зәйтүн майын, Булардан тойып ишип-жейсиз. Енди жол қоймайман миллетлер арасында мазақ болыўыңызға.
20 Арқадан келген қәўипти сизлерден узақластыраман, Қуўраған ҳәм изсиз шөлге оларды айдап жиберемен. Алдындағыларды шығыстағы теңизге, Кейиндегилерди батыстағы теңизге ылақтыраман. Сасық ийис шығады өликлеринен». Шынында да, Жаратқан Ийе уллы ис қылды.
21 Қорқпа, жер жүзи, қуўанып шадлан! Жаратқан Ийе уллы ислерди иследи.
22 Қорқпаң, жабайы ҳайўанлар! Себеби жасылға дөнеди жайлаўлар. Мийўелерин берер мийўе ағашлар, Әнжир ҳәм жүзимлердиң мийўелери мол болады.
23 Ҳәй, Сион халқы, қуўаның, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң ислеринен шадланың. Тикленип алыўыңыз ушын, Ол сизлерге гүз жаўын жаўдырды, Өз ўақтында жаўдырды гүз ҳәм бәҳәр жаўынларын.
24 Енди қырманларда таза дәнлер мол болып, Шарапқа ҳәм зәйтүн майына ыдыслар толып-тасады.
25 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол жыллары сизлерге жиберген, Шегиртке үйирлериниң жегенлериниң, Қыйратқанларының, жалмағанларының, Яғный, Мен жиберген ләшкер ордасының, Келтирген зыянының орнын толтыраман.
26 Енди қәлегениңизше жеп тоясыз, Сизлер ушын әжайып ислерди көрсеткен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Маған алғыс айтасыз. Халқым, сизлер енди ҳасла шерменде болмайсыз.
27 Ҳәй, Израил, Мениң араңызда екенимди, Мениң Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди, Меннен басқа қудай жоқ екенин билип аласыз. Халқым, сизлер енди ҳасла шерменде болмайсыз.
28 Соннан кейин, барлық адамлардың үстине, Өз Руўхымды жаўдыраман. Ул ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық қылады, Қартайған адамларыңыз түслер, Жасларыңыз аянлар көреди.
29 Өз Руўхымды жаўдыраман сол күнлерде, Ҳәттеки қул ҳәм шорылардың үстине.
30 Аспанда ҳәм жер жүзинде белги көрсетемен, Қан, от ҳәм түтин минарасы пайда болады.
31 Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Қуяш қараңғыланып, ай қанға айланады.
32 Сонда Мениң, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады. Жаратқан Ийе, яғный Мен ўәде бергенимдей, Сион таўындағы ҳәм Ерусалимдеги қашып қутылғанлар, Аман қалғанлар Жаратқан Ийениң, яғный Мениң таңлап алғанларым болады».