Лебийлилер 27 bob

1 Ўәде арқалы берилетуғын сыйларға байланыслы нызамлар

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким бир адамды Жаратқан Ийеге бағышлаўға ўәде берсе, сол адамның қуны ушын берилетуғын төлеми төмендегидей мөлшерде болсын.
3 Бул төлемниң қуны мынадай болады: жигирма жастан алпыс жасқа дейинги ер адамлар ушын Мухаддес орын өлшеми менен елиў шекел гүмис,
4 ал ҳаяллар ушын отыз шекел гүмис.
5 Бес жастан жигирма жасқа дейинги ер адамлар ушын жигирма шекел, ал ҳаял-қызлар ушын он шекел.
6 Бир айлық бөпеден бес жасқа дейин болған ер балалар ушын бес, қызлар ушын үш шекел гүмис.
7 Егер алпыс ямаса оннан жоқары жаста болса, онда еркеклер ушын он бес шекел гүмис, ал ҳаяллар ушын он шекел гүмис төленсин.
8 Егер ўәде берген адам жарлы болып, белгиленген баҳаны төлеўге шамасы келмесе, бағышланған адамды руўханийге алып барсын. Руўханий ўәде берген адамның жағдайына қарай, баҳа белгилесин.
9 Егер Жаратқан Ийеге ўәде қылынған мал қурбанлыққа шалыўға болатуғын мал болса, ол Жаратқан Ийеге бағышланған мухаддес болып есапланады.
10 Ўәде қылған адам Жаратқан Ийеге бағышлаған малын жақсысының орнына жаманын ямаса жаманының орнына жақсысын алмастырмасын. Егер ол малды алмастырса, алмастырылған мал менен екеўи де Қудайға тийисли болып, мухаддес саналады.
11 Егер Жаратқан Ийеге арнап әкелинген сый ҳарам саналған маллардан болса, оны руўханийге алып барсын.
12 Руўханий малдың жақсы-жаманына қарап, баҳа белгилесин ҳәм оның баҳасы солай қалсын.
13 Егер ийеси малды қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханий тәрепинен белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин.
14 Егер бир адам өзиниң үйин сый қылып, Жаратқан Ийеге бағышласа, руўханий үйдиң жақсы-жаманына қарап, оның баҳасын белгилесин. Руўханий үйге қандай баҳа белгилесе, үйдиң баҳасы сондай болады.
15 Егер сол адам бағышлаған үйин қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханийдиң белгилеген баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда үй қайтадан өзиники болып қалады.
16 Егер бир адам бабасынан қалған мийрас атызының бир бөлегин Жаратқан Ийеге бағышлаўды қәлесе, атызға егилетуғын туқымның муғдары бойынша баҳасы белгиленсин. Бир хомер арпа туқымы егилетуғын атыздың баҳасы елиў шекел гүмис болады.
17 Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын.
18 Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады.
19 Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады.
20 Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды.
21 Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады.
22 Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа,
23 руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни- ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
24 Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин.
25 Ҳәр бир белгиленген баҳа Мухаддес орынның шекели бойынша белгиленсин. Бир шекел жигирма герадан ибарат.
26 Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллери Жаратқан Ийеники болып, олардың ҳеш қайсысын Жаратқан Ийеге бағышламаң. Себеби ол Жаратқан Ийеге тийисли.
27 Бирақ биринши туўылған мал ҳарам саналған маллардан болса, ол ушын руўханийдиң белгилеген баҳасын ҳәм оның үстине бестен бир бөлегин қосып төлеп, малды қайтарып алыўына болады. Егер ол қайтарып алынбаса, онда мал белгиленген баҳаға басқа биреўге сатылады.
28 Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам, мал ҳәм мийрастан қалған атыздың ҳеш бири сатылмасын ҳәм қайтарып алынбасын. Өйткени Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге тийисли болып, жүдә мухаддес саналады.
29 Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам ақшаға қайтарып сатып алынбасын, ол сөзсиз өлтирилсин.
30 Жердиң зүрәәти болсын, мийўе ағаштың жемиси болсын, жерден өнип шығатуғын ҳәр бир зүрәәттиң оннан бири Жаратқан Ийеге тийисли. Булар Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
31 Егер бир адам оннан бириниң бир бөлегин қайтарып алыўды қәлесе, онда ол баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлеўи тийис.
32 Барлық ири ҳәм майда маллардың оннан бирине келсек, шопанның таяғының астынан өткен ҳәр бир оныншы мал Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
33 Ҳеш ким малларды жақсы ҳәм жаман деп айырып, бир-бири менен алмастырмасын. Егер де мал алмастырылса, онда еки мал да мухаддес саналады ҳәм оны қайтарып сатып алыўға болмайды».
34 Жаратқан Ийениң Синай таўында Израил халқына Муўса арқалы берген буйрықлары усылар еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.