Обадия 1 bob

Эдомның жазаланыўы (1-14), Қудайдың басқа халықларды ҳүким қылыўы (15-16), Израилдың жеңиси (17-21).

1 Бул Обадияның көрген аяны. Қудай Ийе Эдом ҳаққында бул сөзлерди айтты. Жаратқан Ийеден хабар еситтик. Халықларға жиберилген хабаршы: «Келиңлер, Эдомға урыс ашайық!» – деди.
2 «Ҳәй, Эдом, сени халықлар арасында ҳәлсиз қыламан, Сен оғада жеркенишли боласаң.
3 Жартастың қуўысларында жасап, Үйлериңди бийиклерге қурдың, Жүрегиңдеги менменлик сени алдады. Өзиңше: „Ким мени жерге түсире алады?“ – дедиң.
4 Бүркиттей жоқарыласаң да, Уяң жулдызлар арасында болса да, Ол жерден төменге түсиремен сени», – деди Жаратқан Ийе.
5 Жаратқан Ийе былай дейди: «Уры ҳәм қарақшылар түнде келсе, Тек ғана өзлерине керегин алмай ма? Жүзим теретуғынлар бағыңа кирсе, Азғантай болса да, жүзим қалдырмай ма? Бирақ сен толық набыт боласаң.
6 Эсаўдың әўлады – Эдом, Сениң ҳәмме нәрсең талан-тараж қылынатуғыны соншелли, Ҳәттеки, жасырын ғәзийнелериң де табылып, тартып алынады.
7 Барлық аўқамласларың саған қарсы шығып, Сени өз жериңнен қуўып шығарады. Келисим дүзгенлериң сени алдап, жеңилиске ушыратады, Наныңды жегенлер саған дузақ қурады, Ал сен буны билмей қаласаң».
8 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни Эдомның дана адамларын, Эсаў таўлы үлкелериндеги ақыллы адамларды жоқ қыламан
9 Ҳәй, Теман, сениң жаўынгерлериң қорқынышқа түседи, Эсаў таўлы үлкелериндеги ҳәр бир адам жоқ қылынады.
10 Туўысқаныңа, яғный Яқыпқа, Ислеген жаўызлықларың ушын шерменде болып, Мәңгиге жоқ боласаң.
11 Оның мал-мүлкин жат жерлилер алып кеткен күни, Сен узақтан қарап турдың. Жат халықлар Ерусалим дәрўазаларына кирип, Ол ушын шек таслағанда, Сен де олар сыяқлы ис туттың.
12 Туўысқаныңның басына түскен бахытсызлығы ушын, Қол қаўсырып, қарап турмаўың керек еди. Яҳуда халқы қырғынға ушырағанда, қуўанбаўың керек еди, Апат күнлеринде, мақтанбаўың керек еди.
13 Халқым апатқа ушыраған күни, қала дәрўазаларына кирмеўиң керек еди. Сол күни халқым ушыраған бахытсызлыққа қуўанбаўың керек еди. Олар азапқа дуўшар болғанда, мал-мүлкин олжа қылмаўың керек еди.
14 Қашып баратырғанларды өлтириў ушын, Жол кесилиспелерин тоспаўың керек еди. Сол апат күнинде аман қалғанларды, Душпан қолына тапсырмаўың керек еди».
15 «Мениң, Жаратқан Ийениң барлық халықларды ҳүким қылатуғын күним жақынласты, Ҳәй, Эдом, сен не ислеген болсаң, саған да сол исленеди, Ислеген қылмысларың өз басыңа түседи.
16 Сизлер мухаддес таўымда ғәзеп шарабын ишип алғаныңыз сыяқлы, Барлық халықлар да сол шараптан симиреди. Ишип-ишип бул дүньядан жоқ болып кетеди».
17 «Сион таўы аман қалғанларға пана болады, Ол жер мухаддес болады. Яқыптың урпақлары тартып алынған мүлкине қайтадан ийелик қылады,
18 Яқыптың урпақлары от, Юсуптиң халқы жалын, Эсаўдың халқы сабан болып қалады. Оларды өртеп, жоқ қылады, Эсаўдың әўладынан аман қалғаны болмайды». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
19 Негебте жасайтуғын Яҳуда халқы Эсаўдың таўлы үлкелерин ийелейди. Ал батыстағы таў етеклеринде жасайтуғынлар Филист, Эфрайым ҳәм Самария жерлерин ийелейди. Беняминлилер Гиладты ийелеп алады.
20 Сүргин етилген израиллы жаўынгерлер Сарафатқа дейин созылған Кенаан жерлерин ийелейди. Ерусалимнен сүргин қылынып Сефарадта жасап атырғанлар Негебтеги қалаларды ийелеп алады.
21 Жеңимпазлар Эсаўдың таўлары үстинен ҳүкимдарлық қылыў ушын, Сион таўына шығады. Бул патшалық Жаратқан Ийеге тийисли болады.
  • 1


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.