Юнус 1 bob
1 Жаратқан Ийе Амиттай улы Юнусқа былай деди:
2 «Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, халқына ўаз айт. Себеби олардың жаўызлықлары Маған жетип келди».
3 Бирақ Юнус Жаратқан Ийеден Таршишке қашпақшы болды. Ол Яфо қаласына келип, Таршишке баратуғын бир кемени тапты. Жол ҳақысын төлеп, кемеге отырды да, Жаратқан Ийениң нәзеринен қашыў ушын, Таршишке қарай жолға шықты.
4 Сонда Жаратқан Ийе теңизге күшли самал жиберди. Теңизде қәҳәрли даўыл көтерилип, кеме шыл-пәрше болып сынып кетейин деп қалды.
5 Кемешилерди қорқыныш бийлеп, ҳәр бири өз қудайына даўыслап жалбарына баслады ҳәм кемени жеңиллетиў ушын жүклерди теңизге таслады. Юнус болса, кемениң төменги қабатына түсип жатып, терең уйқыға кеткен еди.
6 Кеме басшысы Юнустың жанына барып: «Ҳәй! Сен қалай уйықлап атырсаң? Тур, өз қудайыңа жалбарын. Мүмкин, ол бизлерди есине алар ҳәм бизлер аман қалармыз», – деди.
7 Соңынан кемешилер бир-бирине: «Келиңлер, шек таслайық ҳәм бул апат басымызға ким себепли түскенин билейик», – деди. Олар шек таслады ҳәм шек Юнусқа түсти.
8 Олар Юнустан: – Бизлерге айт, бул апат бизлердиң басымызға сен себепли түскен жоқ па? Кәсип-кәриң не, қаяқтан киятырсаң? Өзиң қай жерлисең ҳәм қайсы миллетке тийислисең? – деп сорады.
9 Юнус: – Мен евреймен, теңизди ҳәм жерди жаратқан аспанның Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынаман, – деп жуўап берди.
10 Кемешилерди қатты қорқыныш бийлеп, олар Юнустан: «Неге булай иследиң?» – деп сорады. Олар Юнустың Жаратқан Ийеден қашып киятырғанын билетуғын еди. Өйткени Юнус оларға буны айтып берген еди.
11 Теңиз қутырыўын кем-кемнен күшейте берди. Олар Юнустан: – Теңиздиң тынышланыўы ушын бизлер саған не ислеўимиз керек? – деп сорады.
12 Ол: – Мени көтерип, теңизге ылақтырың, сонда ол тынышланады. Себеби бул күшли даўылға мен себепли дуўшар болғаныңызды билемен, – деп жуўап берди.
13 Кемешилер қурғақлыққа жетиў ушын бар күшлерин салып ескек ессе де, бирақ жете алмады. Өйткени теңиз оларға қарсы қутырыўын кем-кемнен күшейте берди.
14 Сонда олар Жаратқан Ийеге даўыслап былай деди: «О, Жаратқан Ийе! Саған жалбарынамыз, усы адамның жаны себепли бизлер набыт болмайық. Егер ол айыпсыз болса, оның қаны ушын бизлерди жуўапкер қылма. Себеби Сен, Жаратқан Ийе, Өзиңе мақул болған исти иследиң».
15 Соңынан олар Юнусты теңизге ылақтырып жиберди. Сонда қутырып турған теңиз тынышланды.
16 Бул ўақыя себепли кемешилер Жаратқан Ийеден қатты қорқып қалды ҳәм Оған арнап қурбанлық шалып, ўәделер берди.