Миха 1 bob

Самария ҳәм Ерусалимниң ҳүким етилиўи (2-16).

1 Яҳуда патшалары Иотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары морешетли Миха пайғамбарға Самария ҳәм Ерусалим ҳаққында аян болып, Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 Ҳәй, пүткил халықлар, қулақ салың! Ҳәй, жер жүзи ҳәм онда жасаўшылар, тыңлаң! Қудай Ийе Өз мухаддес Ибадатханасынан сизлерге қарсы гүўалық береди.
3 Мине, Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып келер, Жер жүзине түсип, таўлар төбеси менен жүрер.
4 Сонда мум отта ерип кеткениндей, Таўлар Оның аяғы астында ерип кетер. Төбешиклерден суў ағып түскениндей, Олар ойпатлыққа қарай төгилер.
5 Булардың барлығы Яқып урпағының көтерилиси, Израил халқының гүналары себепли болар. Яқып урпағының көтерилисине ким жуўапкер? Олардың бас қаласы Самария емес пе? Яҳудадағы төбешиклердеги бутпаразлыққа ким жуўапкер? Бас қала Ерусалим емес пе?
6 Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди: «Самарияны қырдағы тас үйинине, Жүзим егилетуғын жерге айландыраман, Тасларын ойпатлыққа төгип, Қаланың тийкарын жалаңашлайман.
7 Самарияның барлық бутлары бөлек-бөлек етип сындырылар, Табынатуғын орынлардағы бузықшылық пенен жыйналған саўғалар жандырылар. Бутлардың барлығын жоқ етемен. Бузықлық жолы менен жыйналған саўғалар, Басқа журттағы бузықларға төлем етип алып кетилер».
8 Мен, усы себепли жылап, дад саламан, Жалаң аяқ ҳәм жалаңаш жүремен, Сағалдай уўылдап, қайғыраман, Үкидей бозлап, аҳ ураман.
9 Себеби Самарияның жарасына шыпа жоқ, Бул жара Яҳудаға да жуқты, Жетип келди ол халқымның дәрўазасына, ҳәттеки, Ерусалимниң өзине.
10 Бул хабарды душпанымыз Гатқа еситтирмең! Олардың алдында көз жасыңызды төкпең! Бейт-Лафрада қайғыдан топыраққа аўнаң!
11 Ҳәй, Шафир халқы, Жалаңаш ҳәм шерменде ҳалында сүргинге кетесиз. Саанан турғынлары қалаларынан шықпайды, Бейт-Эсел турғынлары жоқлаў айтып, жас төгеди, Енди Бейт-Эсел сизлерге жәрдем бере алмайды.
12 Марот турғынлары қутқарылыўды, Сабырсызлық пенен күткен еди, Бирақ Жаратқан Ийе жиберген апат, Ерусалимниң дәрўазасына жетип келди.
13 Ҳәй, Лахиш турғынлары, атларыңызды саўаш арбаларына қосың, Қыз Сионды гүнаға баслаған сизлер боласыз. Өйткени сизлер Израилдан өрнек алып, гүна иследиңиз.
14 Солай екен, ҳәй, Яҳуда халқы, Морешет-Гатқа саўғаларыңызды берип, хошласа бериң. Жәрдем күтер Израил патшалары Ахзиб қаласынан, Бирақ олар алданды.
15 Ҳәй, Мареша турғынлары, Жаратқан Ийе қалаңызды басқыншылардың қолына тапсырады, Израилдың уллы басшылары Адулламдағы үңгирге жасырынады.
16 Ҳәй, Яҳуда халқы, сүйикли балаларыңыз ушын, Қайғырып, шашларыңызды алдырың, Қузғынның басындай етип, тықырлатып таслаң. Себеби сүргин етилер балаларыңыз.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.