Миха 4 bob

Жаратқан Ийениң басқарыўы (1-5), Израил халқы сүргиннен қайтып келеди (6-13).

1 Ақырғы күнлер келгенде, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурылған таў, Барлық таўлардан жоқары болып, Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болар. Ығып барар ол жерге халықлар.
2 Көп миллетлер келип, былай дейди: «Келиңлер, Жаратқан Ийениң таўына шығайық, Яқыптың Қудайының Үйине кирейик. Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин, Бизлер Оның жолынан жүрейик». Өйткени нызам шығар Сионнан, Жаратқан Ийениң сөзи келер Ерусалимнен.
3 Көп халықларды Жаратқан Ийе ҳүким қылар, Жақын ҳәм узақтағы күшли миллетлер арасындағы, Жәнжеллерин шешип берер. Олар қылышлардан пазналар соғар, Найзалардан орақлар ислер. Бир-бирине қылыш көтермес халықлар, Саўаш қылыўды енди үйренбес олар.
4 Ҳәр ким өз жүзимзарының, әнжир ағашының астында тыныш жасайды, Ҳеш ким оларға абай етпейди. Буны Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи айтады.
5 Барлық халықлар өз қудайларына ерсе де, Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң жолынан мәңги-бақый жүремиз.
6 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол ақырғы күнлер келгенде, Жыйнап аларман қырғынға ушырағанларды, Топлайман қуўғын болғанларды, Азапқа дуўшар еткенлеримди.
7 Қырғынға ушырағанларды аман сақлайман, Қуўғын болғанлардан күшли халық дөретемен, Сол күннен баслап, мәңгиге Мен, Жаратқан Ийеңиз, Сион таўында оларға ҳүкимдарлық қыламан.
8 Ҳәй, сүриўдиң гүзетиў минарасы, Қыз Сионның қорғаны, Ҳүкимдарлығың өзиңе қайтар, Ҳәй, қыз Ерусалим, патшалығың қайта тикленер».
9 Ерусалим, неге сен дад салып, зарлайсаң? Патшаң болмағаны ушын ба? Толғақ тутқан ҳаялдай неге азап шегесең? Мәсләҳәтшиң өлгени ушын ба?
10 Ҳәй, қыз Сион, туўып атырған ҳаял сыяқлы, Аҳ урып, өзиңди ҳәр тәрепке тасла. Себеби қаладан шығып, шөл далаларға барып қоныслайсаң, Кейин Бабилонға әкетилип, сүргин етилесең. Бирақ ол жерде сен азатлық табасаң, Қутқарады сени Жаратқан Ийе душпан қолынан.
11 Деген менен, саған қарсы жыйналды бир талай миллетлер, Сен ҳаққында былай деп айтады олар: «Келиңлер, Сионды хорлайық, Басына түскенлерин тамаша қылайық».
12 Бирақ билмейди олар Жаратқан Ийениң нийетин, Оларды қырманға апарылатуғын дән баўларындай жыйнап атыр, Оның усы жобасын олар түсинбейди.
13 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, қыз Сион, тур да, оларды басқылай басла! Себеби темирден қыларман сениң шақларыңды, Қоладан ислеймен сениң туяқларыңды, Езип, майдалап таслайсаң көп халықларды. Бағышлайсаң Маған алған олжаларыңды, Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийеге».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.