Миха 7 bob
1 Ўаҳ, сорым қурыды! Жүзимзар жыйын-терими болынып, Жазғы мийўелер терип алынғаннан соң, Шақаларынан жеўге бир солқым да таба алмаған, Бир дана әнжирге зар болған адам сыяқлыман.
2 Бул елде Қудайға садық адам қалмады, Дурыс жүрген ҳеш ким қалмады адамлар арасында. Қан төгиў ушын адамлар аңылар буққыда, Дузақ қурады туўысқанлар бир-бирине.
3 Жаманлық қылыўға шебердур олар, Ҳәмелдар ҳәм қазы пара алады. Күшли адам қәлегенин зорлық пенен қылдырады, Биргеликте ҳақлықты бузып көрсетеди.
4 Олардың ең жақсысы жантаққа уқсайды, Ҳүжданлысы болса, тикенектен бетер. Бирақ сизлер күтип турған күнлери, Жетип келди жазаланатуғын күнлери, Енди олар сасқалақлап қалады.
5 Исенбең қоңсыңызға, сүйенбең достыңызға. Қойныңызда ҳаялыңыз жатқанда, Қум қуйың аўзыңызға.
6 Өйткени сол ўақытлары ул өз әкесин хорлайды, Қыз анасының бетинен алады, Келин болса, қәйин енесине қарсы турады. Адамның душпанлары өз үй-иши болады.
7 Бирақ мен Жаратқан Ийеге көз тигемен, Қутқарыўшым болған Қудайды үмит пенен күтемен, Сөзсиз еситеди мени Қудайым мениң.
8 Жағдайымды көрип, шад болмаң, ҳәй, душпанларым! Жығылсам да, өзим тураман. Қараңғылықта қалсам да, Жаратқан Ийе маған нур болады.
9 Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Енди Оның ғәзебине шыдайман. Бирақ Ол мени жақлап, ақлайды. Жарықлыққа мени алып шығады, Сонда Оның әдиллигин көремен.
10 Душпаным буны көреди, «Қудайың Жаратқан Ийе қай жерде?» – деп масқара қылған, Сол душпаным шерменде болады. Оның қулаўын өз көзим менен көремен, Солай етип, аяқ асты болады көшедеги батпақ сыяқлы.
11 Ҳәй, Ерусалим, мынадай ўақыт келеди: Сениң дийўалларың қайта қурылады, Шегараң сениң кеңейип кетеди.
12 Сол ўақытта ҳәмме жерден халықлар келеди. Ассириядан Мысырға дейин, Мысырдан Евфрат дәрьясына дейин созылған жерлерден, Узақ теңиз бойларынан ҳәм алыс таў жанбаўырларынан, Ағып келеди көп халықлар.
13 Бирақ ишинде жасап атырғанлардың қылмысларынан, Дүнья жүзи қаңырап босап қалады.
14 Жаратқан Ийе, халқыңның шопаны бол, Әтираплары өнимдарлы жерлер, Бирақ тоғай ишинде жалғыз жасайтуғын сүриўиңди, Өз ҳасаң менен басқара гөр. Узақ өтмиште болғанындай, Башан ҳәм Гилад жайлаўларында отлата гөр.
15 Бизлерди Мысырдан алып шыққан күнлериңдегидей, Кәраматларыңды көрсет халқың ушын.
16 Кәраматларыңды көрген миллетлер, Күш-қүдиретлерине жараса шерменде болады. Қорқыныштан қоллары менен аўызларын басып, Қулақлары олардың герең болып қалады.
17 Жылан ҳәм жер баўырлаўшылар сыяқлы топырақ жалайды олар, Қорққанынан титиреп қорғанларынан шығады. Қудайымыз Жаратқан Ийе, олар ҳүрейи ушып, Қалтырап Сениң алдыңа келеди.
18 Қудай, Саған уқсасы бар ма екен? Өз халқыңның қалғанларының, Жынаятларын ҳәм көтерилислерин кеширетуғын басқа Қудай жоқдур. Мәңгиге ғәзепленбессең халқыңа, Себеби садық мийримиңди көрсетиўди мақул көресең.
19 Сен бизлерге және мийрим-шәпәәт қыларсаң, Езип тасларсаң айыпларымызды аяғың астында, Пүткил гүналарымызды теңиз түбине ылақтырасаң.
20 Өтмиште ата-бабаларымызға, Ибрайымға ҳәм Яқыпқа ант ишип, ўәде бергенсең, Олардың урпағына берген ҳақыйқат сөзиңде садық турасаң.