Зехария 13 bob
1 «Сол күни Даўыт әўладын ҳәм Ерусалим турғынларын гүнадан ҳәм ҳарамылықтан тазалаў ушын ағып турған бир булақ болады.
2 Сол күни елден бутлардың атларын өширемен, артық олар еске алынбайды, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – жалған пайғамбарларды да, напәк руўхты да жоқ қыламан.
3 Егер және биреў пайғамбаршылық қылатуғын болса, оның өз туўған атаанасы: „Сен өлесең, себеби Жаратқан Ийениң аты менен жалған сөйлеп турсаң“, – дейди. Ал ол пайғамбаршылық еткен жағдайда, оның өз ата-анасы оның денесин түйреп, өлтиреди.
4 Сол күни ҳәр бир жалған пайғамбар аян көрип, пайғамбаршылық етиўге уялатуғын болады. Пайғамбардың жүнли кийимин киймейди ҳәм адамларды қайтып алдамайды.
5 Оның орнына ол: „Мен пайғамбар емеспен, дийханман. Жаслығымнан берли бир адамның қолында атызға қарайман“, – дейди.
6 Биреў оннан: „Денеңдеги жаралар қай жерден пайда болды?“ – деп сорағанда, ол: „Булар досларымның үйинде арттырған жаралар“, – деп жуўап береди».
7 «Оян, ҳәй қылыш! Мениң шопаныма, Мениң жақыныма қарсы шық, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Шопанды урып өлтир, Қойлар тарқалып кетсин. Мен қозыларға қарсы қол көтеремен.
8 Пүткил елде, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – халықтың үштен екиси қырылып, жоқ болады, Үштен бири аман қалады.
9 Аман қалған үштен бирин оттан өткеремен, Оларды гүмистей еритип, тазалайман, Алтынды сынағандай, сынайман. Олар Мениң атымды айтып шақырады, Мен де оларға жуўап беремен, „Булар Мениң халқым“, – деймен, Олар да Мени: „Жаратқан Ийе – бизлердиң Қудайымыз“, – дейди».