Зехария 14 bob
1 Мине, Жаратқан Ийениң ҳүким күни киятыр! Ҳәй, Ерусалим халқы, көз алдыңызда мал-мүлкиңиз талан-тараж болады.
2 Ерусалимге қарсы саўаш ашыўы ушын барлық халықларды бир жерге топлайман. Қала басып алынып, жаўлар үйлерди тонайды, ҳаяллардың намысын аяқ асты қылады. Қалада жасайтуғынлардың жартысы сүргинге әкетиледи, қалғанлары болса, қалада қалдырылады.
3 Кейин Жаратқан Ийе бурын саўаш ўақтында ислегениндей, сол халықларға қарсы урысады.
4 Сол күни Оның аяқлары Ерусалим қаласының шығысындағы Зәйтүн таўының үстинде турады. Зәйтүн таўы екиге бөлинеди. Таўдың ортасында шығыстан батысқа қарап кеткен кең бир ойпатлық пайда болады. Сонда таўдың бир тәрепи арқаға, екинши тәрепи болса, қублаға жылысады.
5 Сизлер бөлинген таўдың ортасындағы ойпатлық арқалы қашасыз. Бул ойпатлық Аселге дейин созылады. Яҳуда патшасы Уззия дәўиринде болған жер силкиниў ўақтында қалай қашқан болсаңыз, солай қашасыз. Сонда Қудайым Жаратқан Ийе барлық периштелер менен бирге келеди!
6 Сол күни нур болмайды, нур тарқатып туратуғын аспан денелери қараңғыласады.
7 Күн даўам ете береди, сонда күндиз бенен түнниң айырмашылығы болмайды. Кеште де жақты болып турады. Бул қашан жүз беретуғынын тек ғана Жаратқан Ийе биледи.
8 Сол күни Ерусалимнен ағын суў ағып шығады, оның ярымы Өли теңизге, қалған ярымы Жер Орта теңизине қуйылады. Суў жазда да, қыста да ағып турады.
9 Жаратқан Ийе пүткил дүньяның патшасы болады. Сол күни Жаратқан Ийе жалғыз Қудай болып, тек ғана Оның аты уллыланады.
10 Пүткил ел Гебадан Ерусалимниң қубласындағы Риммонға дейин Иордан тегислигиндей болып қалады. Ал Ерусалим болса жоқарыда болып, Бенямин дәрўазасынан Биринши дәрўазаға дейин, Мүйеш дәрўазасына дейин, Хананел минарасынан патшаның жүзим искенжесине дейин өз орнында қалады.
11 Адамлар сол жерге орналасып, тынышлық ишинде жасайды. Ерусалим енди қайтып жоқ қылыныўға тапсырылмайды.
12 Ерусалимге қарсы урыс ашқан барлық халықларға Жаратқан Ийе мына обаны жиберип, жазалайды: еле аяғында турған ўақтындаақ денелери ирип, көзлери уясында, тиллери аўзының ишинде ширип кетеди.
13 Сол күни Жаратқан Ийе адамларды үлкен албыраўшылыққа түсиреди. Ҳәмме жанындағы адамның қолынан услап, бир-бирине қол көтереди.
14 Яҳуда халқы да Ерусалимде урысады. Дөгеректеги барлық халықлардың байлығы, көп муғдарда алтыны, гүмис ҳәм кийимлери олжа етип алынады.
15 Душпан ордасының атлары, ғашырлары, түйелери, ешеклери ҳәм барлық ҳайўанлары жоқарыда айтылған оба кеселлигине шатылады.
16 Ерусалимге қарсы саўаш ашқанлардан аман қалғанлары болса, ҳәр жылы Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патшаға тәжим қылыў ушын ҳәм Қос байрамын нышанлаў ушын Ерусалимге келеди.
17 Егер жер жүзиндеги халықлардың биреўи Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патшаға тәжим қылыў ушын Ерусалимге келмесе, олардың елинде жаўын жаўмайды.
18 Егер Мысыр халқы байрамға келиўден бас тартса, Жаратқан Ийе Қос байрамына келиўден бас тартқан басқа халықлардың басына салған обаны олардың басына да салады.
19 Қос байрамын нышанлаўға шықпаған Мысыр халқының ҳәм басқа барлық халықлардың жазасы усы болады.
20 Сол күни атлардың қоңыраўларында „Жаратқан Ийеге бағышланған“, деп жазылады. Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қазанлар қурбанлық орынның алдында қолланылатуғын табақлар сыяқлы мухаддес болады.
21 Ерусалим ҳәм Яҳудадағы ҳәр бир қазан Әлемниң Жаратқан Ийесине бағышланады. Сонда қурбанлық шалыўға келгенлер сол қазанларды қурбанлықтың гөшин писириў ушын қолланыўына болады. Сол күннен баслап, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Ибадатханасында саўдагерлер болмайды.