Зехария 2 bob
1 Кейин мен және нәзер тасладым ҳәм қолында өлшейтуғын жиби бар бир адамды көрдим.
2 Мен оннан: – Қаяққа баратырсыз? – деп сорадым. Ол маған: – Ерусалимди өлшеўге, ени ҳәм узынлығы қанша шығатуғынын көриўге баратырман, – деп жуўап берди.
3 Кейин, мениң менен сөйлесип атырған периште кетип баратыр еди, басқа бир периште алдынан шығып,
4 оған былай деди: – Тез барып, сол адамға айт: «Ерусалимде адам ҳәм маллар соншелли көп болғанлықтан, дийўалларының ишине сыймай қалады.
5 Мениң Өзим оның дөгерегиндеги отлы дийўалы, ишиндеги салтанаты боламан, – дейди Жаратқан Ийе».
6 «Қәнекей, арқа тәрептеги елден қашыңлар, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби сизлерди жердиң төрт тәрепине тарқатып жибердим, – дейди Жаратқан Ийе.
7 – Бабилонда жасап атырған Сион халқы, қашып қутылыңлар».
8 Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз даңқы ушын мени сизлерди тонаған халықларға жиберди. Ол былай дейди: «Сизлерге тийген Мениң көзимниң қарашығына тийген болады.
9 Мен оларға қарсы қолымды көтеремен. Өзлерине қул еткен халықлар оларды тонайды». Сонда сизлер мени Әлемниң Жаратқан Ийеси жибергенин билип аласызлар.
10 Жаратқан Ийе: «Ҳәй, қыз Сион, шадланып, бақыр! Мине, Мен сизлердиң араңызда жасаў ушын келемен.
11 Сол күни көп миллетлер Жаратқан Ийеге, яғный Маған қосылып, Мениң халқым болады. Шынында, Мен сизлердиң араңызда жасайман», – дейди. Сол ўақытта мени Әлемниң Жаратқан Ийеси сизлерге жибергенин билесиз.
12 Яҳуда мухаддес жердеги Жаратқан Ийениң мүлки болады, Ерусалимди және таңлап алады.
13 Ҳәй, пүткил адамзат, Жаратқан Ийениң алдында үнсизлик сақлаң! Ол Өзиниң мухаддес мәканынан шығып киятыр!