Зехария 4 bob

Бесинши аян: алтын ҳәсте ҳәм зәйтүн ағашлары (1-14).

1 Мениң менен сөйлескен периште қайтып келип, уйқыдан оятқандай етип мени оятты.
2 Ол меннен: – Нени көрип турсаң? – деп сорады. Мен былай деп жуўап бердим: – Ҳәмме жери алтыннан соғылған ҳәстени көрип турыппан, оның жоқарысында зәйтүн майына арналған бир тостаған турыпты. Ҳәстениң жети шырасы ҳәм олардың жети түтикшеси бар.
3 Сондайақ, ҳәстениң қасында еки зәйтүн ағашы бар. Биреўи тостағанның оң тәрепинде, екиншиси сол тәрепинде турыпты.
4 Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден: – Булардың мәниси не, мырзам? – деп сорадым.
5 Ол: – Булардың мәнисин билмейсең бе? – деди. Мен: – Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
6 Соның ушын, ол маған мыналарды айтып берди: – Жаратқан Ийе Зеруббабел ушын мына сөзлерди айтты: «Күш ҳәм қүдирет пенен емес, ал Мениң Руўхым менен табысқа ерисесең. Бул Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи.
7 Сен не болыпсаң, ҳәй, бәлент таў? Зеруббабелдиң алдында сен бир тегислик болып қаласаң! Ол Ибадатхананың ақырғы тасын орнатқанда, халық: „Қандай гөззал, қандай гөззал!“ – деп бақырысады».
8 Жаратқан Ийеден маған және төмендеги сөз түсти:
9 «Бул Ибадатхананың тийкарғы тасы Зеруббабелдиң қоллары менен қойылды, қурылысты да оның қоллары ақырына жеткереди. Сол ўақытта, Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мениң сени жибергенимди билесең.
10 Қурылыстың кишкене иси басланған күнди ким менсинбейди? Адамлар Зеруббабелдиң қолындағы жазыўы бар қалайы тахтаны көргенде, шадланады». Сонда периште маған былай деди: – Мына жети шыра пүткил жер жүзине қарап туратуғын Жаратқан Ийениң көзлери.
11 Мен периштеден мынаны сорадым: – Ҳәстениң оң ҳәм шеп тәрепиндеги бул еки зәйтүн ағашларының мәниси не?
12 Алтындай май ағып турған еки алтын түтикшениң қасындағы бул еки нәл нени аңлатады?
13 Ол меннен: – Булардың мәнисин билмейсең бе? – деп сорады. Мен: – Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
14 Периште: – Булар пүткил дүньяның Ийесине хызмет етиўши ҳәм зәйтүн майы менен майланған еки адам болады, – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.