Зехария 5 bob

Алтыншы аян: ушып баратырған орама китап (1-4), Жетинши аян: Ыдыс ишиндеги ҳаял (5-11).

1 Мен және нәзер таслағанымда, ушып баратырған орама китапты көрдим.
2 Периште меннен: – Нени көрип турсаң? – деп сорады. Мен: – Ушып баратырған орама китапты көрип турыппан, оның узынлығы жигирма шығанақ, ени он шығанақ, – деп жуўап бердим.
3 Сонда периште маған түсиндирип, былай деди: – Бул китапқа пүткил жер жүзине келетуғын нәлет жазылған. Урлық қылғанлар орама китаптың бир тәрепиндеги жазыў бойынша, жалған ант ишкенлер екинши тәрепиндеги жазыў бойынша елден жоқ қылынады.
4 Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Нәлет жаўдыраман. Урының үйине ҳәм Мениң атым менен жалған ант ишетуғынлардың үйине нәлет жаўады. Нәлет сол үйде болып, жайдың ағашлары менен тасларын пүткиллей жоқ қылады», – дейди+.
5 Мениң менен сөйлескен периште келип, маған былай деди: – Нәзер тасла, киятырған нәрсени көр.
6 Мен: – Бул не? – деп сорадым. Периште: – Киятырған нәрсе өлшем ыдысы. Бул – елдеги пүткил халықтың гүнасы, – деди.
7 Қорғасыннан соғылған қақпағы ашылды, ыдыстың ишинде болса, бир ҳаял отырған екен.
8 Периште: – Бул ҳаял – жаўызлық, – деп, ҳаялды ыдыстың ишине ийтерип жиберди де, аўыр қақпағын жаўып таслады.
9 Мен және нәзер таслап, еки ҳаялдың ушып киятырғанын көрдим. Олар ләйлектиң қанатларына уқсаған қанатларын самалда жайған еди. Олар келип, сол ыдысты алды да, аспанға көтерип алып кетти.
10 Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден: – Ыдысты қаяққа алып баратыр? – деп сорадым.
11 Ол маған: – Оны Шынар елине алып баратыр. Ол жерде оған сыйынатуғын үй қурып береди, үй тайын болғанда, ыдысты сол жерде бир түбелдирикке қояды, – деп жуўап берди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.