Зехария 7 bob

Оразадан гөре әдиллик ҳәм сүйиспеншилик абзал (1-14).

1 Дарийдиң патшалығының төртинши жылының тоғызыншы айы болған Кислеў айының төртинши күни Жаратқан Ийеден Зехарияға сөз түсти.
2 Бейт-Элдиң турғынлары Саресерди, РегемМелехти ҳәм оның адамларын Ерусалимге жиберип, былай деген еди:
3 – Барып, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Үйиндеги руўханийлер ҳәм пайғамбарлардан: «Бизлер көп жыллардан берли бесинши айда Ибадатхананың ўайран қылынғанын еске түсирип, қайғырып, ораза тутып киятырмыз. Усындай қылыўды даўам ете берейик пе?» – деп сораңлар.
4 Әлемниң Жаратқан Ийеси маған жиберген сөзинде былай деди:
5 – Елдиң барлық халқына ҳәм руўханийлерине айт: «Жетпис жыл даўамында сизлер бесинши ҳәм жетинши айларда ораза тутып, қайғырдыңыз. Бирақ шынында да усыны Мен ушын ислеген бе едиңиз?
6 Ишип-жегениңиз сыяқлы, өз пайдаңыз ушын ораза тутпадыңыз ба?
7 Ерусалим ҳәм оның әтирапындағы аўыллар гүллеп жайнағанда, Негеб ҳәм батыстағы таў етеклери адамларға толы ўақытта, Жаратқан Ийе болған Мен бир неше жыл алдын пайғамбарлар арқалы усы сөзлеримди айтқан жоқпан ба?»
8 Жаратқан Ийеден Зехарияға және сөз түсти:
9 Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен былай деген едим: «Әдил ҳүким шығарыңлар. Бир-бириңизге мийирман ҳәм реҳимли болыңлар.
10 Жетим-жесирлерге, келгиндилерге ҳәм кәмбағалларға зулымлық қылмаңлар. Бир-бириңизге жаўызлық қылыўды ойламаңлар».
11 Бирақ халқым қулақ салыўдан бас тартты. Өжетлик етип, еситпеў ушын қулақларын жаўып алды.
12 Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен Руўхым менен алдынғы пайғамбарлар арқалы сөйледим. Бирақ халқым жүреклерин тас қылып, нызам ҳәм сөзлериме қулақ салмады. Соның ушын, Мен оларға қатты ғәзеплендим.
13 Мен шақырғанда, олар қулақ салмады, олар шақырғанда, Мен де оларға қулақ салмайман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
14 – Мен оларды өзлери танымайтуғын халықлардың арасына шашып тасладым. Олардың ели адамсыз қалды, ол жерге ҳеш ким кирипшықпайтуғын болды. Гөззал ел қула дүзге айланды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.