Зехария 8 bob
1 Әлемниң Жаратқан Ийесинен маған және сөз түсти.
2 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен Сионды қатты қызғанаман. Оған болған қызғанышым ишимди жандырады».
3 Жаратқан Ийе былай дейди: «Сионға қайтып келемен, Ерусалим Мениң мәканым болады. Сонда Ерусалим „Садық қала“, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң таўы „Мухаддес таў“ деп аталады».
4 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Қолларына ҳаса услаған кемпирғаррылар және Ерусалим майданларында отырады.
5 Қаланың көшелери ойнап жүрген бала ҳәм қызларға толады».
6 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Аман қалған халқымның көзине усы күнлер мүмкин емес болып көрингени менен, Мениң көзиме ондай болып көринбейди». Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады.
7 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Халқымды күншығыс ҳәм батыстағы еллерден қутқарып аламан.
8 Ерусалимде жасаўы ушын оларды қайтарып алып келемен. Олар Мениң халқым, Мен олардың садық ҳәм әдил Қудайы боламан».
9 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Күшли болыңлар! Мениң Ибадатханам қайта қурылыўы ушын тийкары салынған күнлери пайғамбарлардың айтқан сөзлерин еситип атырсыз.
10 Сол ўақытқа дейин мийнети ушын адамларға ис ҳақы, ҳайўанларға жем берилмейтуғын еди. Душпанлар себепли ҳеш ким тынышлық ишинде кирип шыға алмайтуғын еди. Мен ҳәммени бир-бирине қарсы қойған едим.
11 Бирақ халқымның аман қалғанларына бурынғыдай ислемеймен». Бул Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи.
12 «Енди туқым тынышлық ишинде себилип, жүзимзар өз мийўесин береди, топырақ өнимли болып, аспан өз шығын түсирип турады. Булардың барлығын аман қалған халықтың ийелигине беремен.
13 Ҳәй, Яҳуда ҳәм Израил халқы, Мен сизлерди қутқараман! Сизлер миллетлер арасында нәлет тымсалы едиңиз, енди сизлер берекет тымсалы боласыз. Қорқпаңлар, күшли болыңлар!»
14 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ата-бабаларыңыз ғәзебиме тийгенде, сизлерге апат жибериўди шештим ҳәм аямадым, – буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады.
15 – Енди болса, Ерусалимге ҳәм Яҳуда халқына және жақсылық қылыўды шештим. Қорқпаңлар!
16 Сизлер ислеўиңиз керек болған нәрселер мыналар: бир-бириңизге ҳақыйқатты сөйлеңлер. Ҳүким шығарғаныңызда, әдалатлықты ҳәм әдилликти сақлаң.
17 Жүрегиңизде бир-бириңизге қарсы жаўызлық жобаластырмаң, жалғаннан ант ишпең. Себеби Мен булардың барлығынан жеркенемен. Буны Жаратқан Ийе айтады».
18 Әлемниң Жаратқан Ийесинен маған және төмендеги сөз түсти.
19 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Төртинши, бесинши, жетинши ҳәм оныншы айлардағы ораза Яҳуда халқы ушын қуўанышлы ҳәм шадлыққа толы бахытлы байрамларға айланады. Сонлықтан әдалатлықты ҳәм тынышлықты сүйиң».
20 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Келешекте көп халықлар ҳәм басқа қалаларда жасайтуғын адамлар Ерусалимге келеди.
21 Бир қаланың турғынлары басқа қалаға барып: „Жаратқан Ийеден реҳим сорап, Оның жүзин излеў ушын барайық. Мен де сизлер менен бараман“, – дейди.
22 Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мени излеп, Меннен реҳим сораў ушын көп миллетлер ҳәм күшли халықлар Ерусалимге келеди».
23 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сол күнлерде ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын миллетлерден он адам бир яҳудийдиң етегине асылып: „Рухсат бер, сениң менен бирге барайық. Себеби Қудайдың сениң менен бирге екенин еситтик“, – деп айтады».