Зехария 9 bob

Израилдың душпанларының жазаланыўы (1-8), Ўәде етилген патша (9-10), Тутқынларды азат етиў ўәдеси (11-13), Жаратқан Ийениң Өз халқын қорғаўы (14-17).

1 Пайғамбаршылық сөз. Жаратқан Ийениң сөзи Хадрах журтына, әсиресе Дамаск қаласына қаратылған: Инсанлардың ҳәм Израил урыўларының көзи Жаратқан Ийеде.
2 Бул сөз Хадрах пенен шегаралас Хаматқа, Уқыплыларға толы болса да Тир ҳәм Сидон қалаларына да қаратылады
3 Тир өзине бир қорған қурды, Гүмисти топырақтай етип, Алтынды даладағы қумдай етип үйди.
4 Деген менен, Ийе оның мал-дүньясын алып қояды, Байлығын теңизге ылақтырады, Қаланы болса, от жалмайды.
5 Ашкелон буны көрип, зәрреси ушады, Газа да қорқынышқа түсип, қалтырайды, Усы аўҳалға түскен Экрон үмити сөнеди. Газа өз патшасынан айырылады, Ашкелон қаңырап босап қалады.
6 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ашдодта қаны аралас халық жасайды, Филист халқының тәкаббирлигине шек қояман
7 Мен олардың аўызларынан қанлы гөшти, Тислериниң арасынан ҳарам аўқатларды алып таслайман. Аман қалғанлары болса, Қудайға, Маған тийисли болады, Яҳуда урыўының бир бөлегине айланады. Экрон қаласы ебус халқы сыяқлы Меники болады.
8 Үйимниң дөгерегине орда қураман, Басқыншылардан қорғайман. Мениң Өзим оны бақлап турғаным ушын, Ҳеш ким халқымның жерине қарсы жүре алмайды.
9 Ҳәй, қыз Сион, қатты шадлан! Ҳәй, қыз Ерусалим, бәлент даўыста шадлан! Мине, патшаң саған киятыр! Ол әдил, жеңимпаз ҳәм кишипейил. Ешекке, жас ешекке, Гүрреге минип саған киятыр!
10 Эфрайымнан саўаш арбаларын, Ерусалимнен атларды алып таслайман. Саўаш садақлары жоқ қылынады, Патшаңыз халықларға тынышлық жәриялайды, Оның ҳүкимдарлығы теңизден теңизге, Евфрат дәрьясынан дүньяның шетине дейин созылады.
11 Сион, сизлерге келсек, қурбанлық қаны менен бекиткен келисимим себепли, Тутқындағы халқыңызды суўсыз қудықтан азат етемен.
12 Ҳәй, үмит еткен тутқынлар, Қорғаныңызға қайтың. Бүгин Мен сизлерге айтаман, Жойтқанларыңызды еки есе етип қайтараман.
13 Яҳуданы садағым сыяқлы, Эфрайымды оқ сыяқлы қолланаман. Ҳәй, Сион, сени қылыштай етип қолланаман, Греклерге қарсы қозғайман.
14 Сонда Жаратқан Ийе Өз халқының үстинде пайда болады, Оның оғы шақмақтай шағады. Қудай Ийе кәрнай шалады, Қубла даўыллары менен ҳүжим қылады.
15 Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз халқын қорғайды, Халық өз душпанларын жоқ қылады, Сақпан таслары менен жеңиске ериседи. Олар шарап ишкен мәскүнемлердей бақырады, Олар қурбанлық қанын серпиўге арналған табақтай, Қурбанлық орынның төрт мүйешиндей қанға толы болады».
16 Сол күни олардың Қудайы Жаратқан Ийе, Шопан өз сүриўин сақлағандай етип, оларды қорғайды. Оның елинде олар таж гәўҳарындай жарқырайды.
17 Бул қандай әжайып ҳәм гөззал болады! Жас жигит ҳәм қызлар, Дән менен шараптың молшылығынан гүллеп жаснайды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.