Малахия 4 bob
1 – Мине, сол күн жақынлап қалды. Ол лаўлап жанып турған тандырға мегзейди. Сонда менменлер менен жаўызлық қылыўшылар сабан сыяқлы болып қалады. Сол күни олардың ҳәммеси жағып жибериледи, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың тамыры да, шақасы да қалмайды.
2 Ал сизлер, Мениң атыма ҳүрмет көрсететуғынлар ушын, нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы шығады. Сонда сизлер қорадан шыққан бузаўдай секирип ойнап, шадланасызлар.
3 Жаўызларды басқылап таслайсызлар. Аўа, Мен усыларды әмелге асырған күни, олар аяғыңыздың астындағы топырақ сыяқлы болып қалады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
4 – Қулым Муўсаның Нызамын, пүткил Израил халқы ушын Хореб таўында Муўсаға берген қағыйдаларды ҳәм көрсетпелерди есиңизге алың.
5 Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Мен сизлерге пайғамбар Илиясты жиберемен.
6 Мен келип, пүткил елди ғарғап, жоқ қылмаўым ушын, ол әкелердиң жүреклерин балаларына, балалардың жүреклерин әкелерине қаратып, жарастырады.