Матта 1 bob

Ийса Масихтың шежиреси (1-17), Ийса Масихтың туўылыўы (18-24).

1 Ибрайымның урпағы, Даўыттың урпағы Ийса Масихтың шежиреси мынадай:
2 Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды.
3 Яҳуда менен Тамарадан Парес ҳәм Зара туўылды. Парестен Ҳесрон туўылды. Ҳесроннан Рам туўылды.
4 Рамнан Аминадаб туўылды. Аминадабтан Наҳшон туўылды. Наҳшоннан Салмон туўылды.
5 Салмон менен Раҳабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды.
6 Ишайдан Даўыт патша туўылды. Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды.
7 Сулайманнан Реҳабам туўылды. Реҳабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды.
8 Асадан Ешофат туўылды. Ешофаттан Иорам туўылды. Иорамнан Узия туўылды.
9 Узиядан Иоатам туўылды. Иоатамнан Аҳаз туўылды. Аҳаздан Езекия туўылды.
10 Езекиядан Манасия туўылды. Манасиядан Амон туўылды. Амоннан Иосия туўылды.
11 Бабилонға сүргин етилгенде, Иосиядан Ехония ҳәм оның инилери туўылды.
12 Бабилонға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шалтиел туўылды; Шалтиелден Зерубабел туўылды.
13 Зерубабелден Абиҳуд туўылды; Абиҳудтан Елиаким туўылды; Елиакимнен Азор туўылды.
14 Азордан Садоқ туўылды; Садоқтан Ахим туўылды; Ахимнен Елихуд туўылды.
15 Елихудтан Елиазар туўылды; Елиазардан Маттан туўылды; Маттаннан Яқып туўылды.
16 Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масих деп аталған Ийса туўылды.
17 Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он төрт урпақ, Даўыттан Бабилонға сүргин етилиўге дейин он төрт урпақ, Бабилонға сүргин етилгеннен Масихқа дейин он төрт урпақ.
18 Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан ҳәмледар екенлиги билинди.
19 Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады.
20 Ол усылай ойлап жүргенде, Қудайдың бир периштеси оның түсине енип: – Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан.
21 Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди.
22 Булардың ҳәммеси Қудайдың пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
23 «Мине, қыз ҳәмледар болып, Ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды». Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте.
24 Уйқыдан турған Юсуп Қудайдың периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди.
25 Бирақ Мәриям Улын туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Ол Баланың атын Ийса деп қойды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.