Матта 10 bob

Ийсаның он еки шәкиртин таңлаўы (1-4), Шәкиртлерге берилген тапсырмалар (5-15), Келешектеги қуўдаланыўлар (16-25), Кимнен қорқыў керек? (27-33), Ийса ушын болатуғын айырылысыўлар (34-39), Қабыл алыў ҳәм сыйлық (40-42).

1 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди.
2 Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан.
3 Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей.
4 Ўатансүйер Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
5 Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди: – Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер.
6 Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар.
7 Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер.
8 Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер.
9 Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер.
10 Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши өз нанын табады.
11 Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар.
12 Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер.
13 Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз өзлериңизге қайтады.
14 Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сөзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
15 Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
16 – Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар.
17 Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды.
18 Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер.
19 Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: өйткени айтатуғын сөзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи.
20 Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Әкеңиздиң Мухаддес Руўхы сөйлейди.
21 Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди.
22 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
23 Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди.
24 Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес.
25 Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?!
26 – Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
27 Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Қулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй төбесинен жәриялаңлар.
28 Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар.
29 Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Әкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди.
30 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы.
31 Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
32 Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән аламан.
33 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән алмайман.
34 – Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим.
35 Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим.
36 Адамның душпанлары өзиниң үй-иши болады.
37 Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес.
38 Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес.
39 Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады.
40 – Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
41 Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады.
42 Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.