Матта 16 bob

Ийсадан Қудай жибергенлигин кәраматлы белги менен көрсетиўин сораў (1-4), Жалған тәлийматлардан сақ болыңлар! (5-12), Петрдиң Ийсаның Масих екенин мойынлаўы (13-20), Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында (21-23), Өзинен кешип, Ийсаға ериў (24-28).

1 Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин сорады.
2 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер.
3 Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар?
4 Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы көрсетилмейди, – деди. Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды.
5 Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға өткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди.
6 Ийса оларға: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди.
7 Сонда олар: – Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп өз ара айтыса баслады.
8 Ийса буны билип, оларға: – Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге өз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар?
9 Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па?
10 Және де жети нан төрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па?
11 Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди.
12 Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди.
13 Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Өз шәкиртлеринен: – Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады.
14 Олар: – Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди.
15 Ийса оларға: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди.
16 Симон Петр жуўап қайтарып: – Сен – Масихсаң, тири Қудайдың Улысаң, – деди.
17 Ийса оған: – Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди.
18 Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең, Мен мына тастың үстине Өз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды.
19 Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди.
20 Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Өзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды.
21 Сол ўақыттан баслап Ийса Өзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен көп азап шегиўи ҳәм өлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады.
22 Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған: – Қудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола көрмесин! – деп қарсы сөйлей баслады.
23 Ийса бурылып, Петрге: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
24 Сонда Ийса Өз шәкиртлерине: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
25 Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады.
26 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады?
27 Адам Улы Әкесиниң салтанатында Өз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады.
28 Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Өз Патшалығында келиўин көрмегенше, өлмейди, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.